Нөкис кәншилик институтында Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине 32 жыл толыўы мүнәсибети менен илаж болып өтти.

Илажды Нөкис кәншилик институты директоры А.Каипбергенов алып барды.

Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы И.Сдиков, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Б.Избасаров, Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы У.Сабиров, сондай-ақ, институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, елимиздиң дүнья сиясий майданында өз орнына ийе болыўында, раўажланыў жолын белгилеўинде, абырайының артып барыўында, халықтың абаданлығының тәмийинлениўинде – Конституцияның әҳмийети жоқары. Елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар менен жетискенликлеримиз Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы.

Илажда қәнигелер конституция өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет екенлигин атап өтип, конституция ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги