Ҳәммеге белгили, 2003-жылдың 9-декабрь күни Мексиканың Мерида қаласында болып өткен жоқары дәрежедеги конференцияда БМШтың Коорупцияға қарсы конвенциясына (8-бап, 71-статья) қол қойыў ушын ашық деп жәрияланған. Конвенция 2005-жылы декабрьде күшке кирген. Бүгинги күнге шекем оған 190 ға шамалас мәмлекет қосылған.
Өзбекстан бул Конвенцияға 2008-жылы қосылған ҳәм оның принцип, норма ҳәм қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары әмелге асырылып системалы ҳәм кескин гүрсе алып барылмақта.
БМШтың басламасы менен 2004-жылдан берли ҳәр жылы 9-декабрьде Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни пүткил дүньяда белгиленеди. Республикамызда Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни шеңберинде кең көлемли “Антикоррупция ҳәптелиги”н өткериў белгиленген.
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдың 19-ноябрь күни Олий Мажлис Сенатының парламент сайлаўынан кейинги биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде, соңғы бес жылда “Коррупцияның жоқ екенлиги” көрсеткиште Өзбекстан 23 текшеге жоқары көтерилип, 2023-жылы 140 мәмлекет арасында 66-орынды ийеледи ҳәм Орайлық Азия регионында бул бағдарда сезилерли унамлы көрсеткишти көрсетеди деди.
Мәмлекетимизде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер жумысының ашық-айдынлығын баҳалаў бойынша “Ашықлық индекси” енгизилди. Бирақ, бул бағдарда еле шешимин күтип атырған мәселелер де жетерли екени атап өтилди. Өткен жылы коррупцияға байланыслы жынаятлар 12 процентке азайған болса да, 6 мың 500 шахс коррупцияда айланып, жуўапкершиликке тартылған.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша парламентик қадағалаўды, пүткил жәмийетимиздиң қатнасын және де күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилип, Президентимиз Сенатты халық ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң хуқықый санасы ҳәм мәдениятын жоқарылатыў, жәмийетте коррупцияға маўасасыз орталығын қәлиплестириў, жас әўладтиң санасына нызамға ҳүрмет, туўрылық ҳәм ҳадал мийнет түсиниклерин сиңдириў бойынша анық илажларды ислеп шығыўға шақырды.
Жаңа Өзбекстанда коррупция жағдайларының ҳәр қандай көринислерине маўасасыз қатнаста болыў ҳәм оған қарсы аяўсыз гүрес алып барыў системасы енгизилиўи әҳмийетли стратегиялық мақсетимиз болып есапланатуғынын атап өтиў зәрүр.
Бул бағдарда Президентимиздиң 2021-жылдың август айында басып шығарылған “Жаңа Өзбекстан Стратегиясы” китабы, бәршемиз ушын баслы бағдарлама болды десек, әйне, ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Онда Жаңа Өзбекстанды қурыў идеясы көрсетилген болып, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын реформалаў бойынша ең әҳмийетли стратегиялық бағдарлар, олардың мазмуны ҳәм мақсетлери ашып берилген.
Китаптың “Өзбекстан ҳәм улыўмаинсанийлық машқалалары”н өзинде көрсеткен 7-бөлиминде Коррупцияға қарсы гүресиў мәселеси “Коррупциядан тысқары дүнья” – улыўмаинсанийлық арзыў-әрман” темасында тийкарғы бағдарлардың бири сыпатында киргизилген.
Мийнетте коррупция темасына, бәринен бурын, тарийх көзқарасынан қатнас жасап, бүгинги раўажланған турмысымыз бенен байланысқаны ҳәр бир адамның жүрегинен терең орын алып бул иллетке жек көриў сезимин оятады ҳәм әлбетте бәршемизди жаңадан пикирлеўге шақырады.
Шығармада атап өтилгениндей, Жер жүзинде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик пайда болғанынан берли адамзат парақорлық ҳәм коорупцияны раўажланыў ҳәм абаданшылықтың деп билген, ҳәм оны жәмийетте әдиллик, теңлик, саламат бәсеки ҳәм хаадаллық принциплери үстин болыўына тосқынлық ететуғын социаллық иллетлерден бири, деп баҳалап , оған қарсы гүрсеип жасаған.
Әййемги Вавилонда патша Хамурапи нызамларына бола, “Егер судья исин көрип шығыў, қарар қабыл еткен ҳәм ҳүжжетти таңбалаған болса, соң қарарды өзгертсе, онда бул судья ашкарланыўы ҳәм оны усы бойынша даўа суммасын он еки есе муғдарда төлеўи керек” болған. Ол лаўазымынан шетлетилип, оған келешекте судья лаўазымын ийелеў қадаған етилген.
Сондай-ақ, Египет фараоны Рамзес I дәўиринде коорупциялық жынаятларда қолға алынған ҳәр бир адам өмириниң қалған бөлегин қуллықты өткерген.
Эрамыздан алдынғы IV әсирде Ҳиндстанда Мауря империясы дәўиринде парахор ҳәмелдар ҳаққында мағлыўмат берген адам оның конфискацияланған мүлкиниң бир бөлегин сыйлық сыпатында алған.
Зороастризмниң муққадес китабы Авестода “ҳадал ҳүким шығарыў, пара алмаў, дурыс гүўалық етиў ҳәм шын сөйлеў” унамлы қәсийетлер сыпатында улығланған болса, керисинше, “көрип турып әдилсизлик, наҳақлық” еткен ҳәмелдарлардың “айтқан ҳәм ислеген жаман пикир, жаман қәлем ҳәм жаман ислери ” қатты қараланған.
Греция ойшыллар Платон ҳәм Аристотель де коррупцияның сиясий системаны жемириўин атап өткен.
Бизге белгили, әййемги Римде: коорупция пүткил баслы империяның ақырында қулаўына себеплеринен бирине айланған менен де тарийхта қалған. Шығысханның “Уллы Армиясы” да коррупция жынаятлары ушын анық өлим жазасы көрсетилген.
Тарийх көрсетеди, жәмийетте халық әрман еткен әдалатлы жәмийетти қурыў ушын коррупцияны ҳәттеки сатқынлық пенен, парахорларды болса жети әўладқа шекем – сатқынлар менен теңлестириў, нәлетлеў сиясаты да қолланылғанын тарийх көрсетеди.
Барлық дүнья динлери коррупция ҳәм парахорлықты қаралайды. Пайғамбарымыз айтқан: “Алла пара бергенди де, пара алғанды да нәлетлеген”; “Баслықлардың саўға алыўы да ҳарам есапланады”; (жойбар бар) “Биз бир жумысқа баслық болып тайынлаған адам оған белгиленген мийнет ҳақысынан артық мал тапса, бул оның ушын ҳарам”(декларация: мүлк ҳәм дәрамат) сыяқлы ҳәдислерди ата-бабалырымыз өз өмири ҳәм турмысында баслы бағдар деп билген.
Темурийлер дәўиринде де өз лаўазымынан пайдаланыў аўыр гүнә есапланған ҳәм қатты жазаланған. Әмир Темурдың улы Мираншах, ақлықлары Пирмуҳаммед ҳәм Халил Султан бул нормаларды бузғаны ушын халық алдында жазаға тартылған.
Шығармада бурыннан бул иллетке қарсы гүресиў тек нызамлар ҳәм белгили бир жазалар арқалы емес, ал мәнаўий илажлар көриў, жәмийетте парахорлық ҳәм коррупцияға қарсы өзине тән “мәнаўий иммунитет”ти қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратып келингени атап өтиледи.
Президентимиз атап өткениндей, айыпкерлерди хуқықый жуўапкершиликке тартыў менен шекленип қалмастан, системалы превентив илажларды көриў зәрүр. Усы тийкарда коррупцияның тек ақыбетлерин емес, ал себеблерин алдыннан сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар әмелге асырылады.
Бизге белгили, бүгинги күни мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы маўасасыз гүрестиң алдынғы халықаралық стандартларға тийкарланған системасын енгизиў бойынша избе-из басқышпа-басқыш илажлар көрилмекте.
Сиясатшылар атап өткениндей, “ҳәр бир мәмлекетте реформалардың нәтийжели әмелге асырылыўы оның баслығының сиясий ерк-ықрары, сондай-ақ Ўатанның раўажланыўы ҳәм халық мәпи жолындағы белсенди жумысы ” менен байланыслы болып есапланады.Елимизде кейинги 6-7 жылда коррупцияға қарсы гүресиўдиң хуқықый, институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик тийкарлары жаратылмақта. Ҳақыйқатында да мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў мәселесине шын мәнисинде ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы болып келген биринши күннен (2016-жыл 8-сентябрь) баслап айрықша ҳәм әҳмийетли итибар қаратылды. Бизге белгили, 2016-жылдың 14-октябрь айында Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан Республикасының “Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының додаланыўына киргизилди.
Бул тарийхый нызам 24-ноябрь күни Нызамшылық палатасында қабыл етилип, 13-декабрьде Сенаттың жалпы мәжилисинде мақулланды ҳәм Президентимиз тәрепинен 2017-жылдың 3-янаварында қол қойылған. Алдын дара-дара болған нызам ҳүжжетлери бир тутас Нызам болды ҳәм оны мәмлекетимизде Коррупцияға қарсы гүрестиң биринши қәдеми десек болады.
Нызамның итибарлы тәрепи соннан ибарат, онда тийкарғы мақсет, тийкарғы түсиниклер, принциплер коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысты әмелге асырыўшы ҳәм онда қатнасыўшы уйымлар ҳәм шөлкемлер, изертлеўлер ҳәм халықаралық бирге ислесиў менен бирге «коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары» белгиленди. Соның ишинде:
- Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў, сондай-ақ, жәмийетте коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириў зәрүр екенлиги көрсетилди.
- Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында системалы ҳәм турақлы түрде коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы белгиленди.
- Коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды өз ўақтында анықлаў, оларға шек қойыў, ҳәм мәмлекет басшысының бәрқулла атап өткениндей, олардың ақыбетлерин, имканият бериўши себеплер ҳәм шараятларды сапластырыў болып есапланады. Соның менен бирге коррупцияға байланыслы жынаятларды ислегени ушын жуўапкершиликтиң анық екенлиги принципин тәмийинлеўден ибарат.
(коррупция – «пара менен аўдырып алыў», «сатылыў» деген мәнини билдиретуғын «corruptio» сөзинен келип шыққан)
Нызамда коррупция түсиниги, шахстың өз лаўазым ҳәм хызмет дәрежесинен жеке мәплерин ямаса басқа шахслардың мәплерин гөзлеп материаллық ямаса материаллық емес пайда алыў мақсетинде нызамға қарсы түрде пайдаланыўы, сондай-ақ, бундай пайданы нызамға қарсы түрде инап етиў деп белгиленди.
Сондай-ақ, Нызамда мәплер соқлығысыўы түсиниги берилип, оған бола Мәплер соқлығысыўы – шахстың жеке (тиккелей ямаса жанапай) мәпдарлығы оның өз лаўазым ямаса хызмет миннетлемелерин зәрүр дәрежеде орынлаўына тәсир етип атырған ямаса тәсир көрсетиўи мүмкин болған ҳәм жеке мәпдарлық пенен пуқаралардың, шөлкемлердиң, жәмийеттиң ямаса мәмлекеттиң ҳуқықлары, нызамлы мәплери арасында қарама-қарсылық пайда болып атырған (мәплер соқлығысыўы) ямаса пайда болыўы мүмкин болған (итималлық мәплер соқлығысыўы) жағдай.
Бизге белгили, Нызам қағыйдаларын әмелге асырыў мақсетинде 2017-жылдың 2-февралында Президентимиздиң «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қағыйдаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2752-санлы Қарары қабыл етилди.
Қарар менен 2017-2018-жыллары коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 5 бөлим 51 бәнттен ибарат Мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды. Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша уйымлараралық комиссия дүзилди.
Мәмлекетлик бағдарламада «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы, «Ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў ҳәм оннан пайдаланыўды тәмийинлеў ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы, «Жәбирлениўшилер, гүўалар ҳәм жынаят процесиниң басқа қатнасыўшыларын қорғаў ҳаққында»ғы ҳәм «Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклик ҳаққында»ғы Нызамлар қабыл етиў белгиленди. Бул жумысларымыз өзиниң белгили жемисли нәтийжесин берди. Арадан 2 жыл өткеннен соң,
- Президентимиздиң 2019-жылдың 27-май күни «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-57-29-санлы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып бириншиден, коррупцияға қарсы гүрестиң нәтийжелилигин және де арттырыў, екиншиден, мәмлекетимизде жоқары дәрежедеги қолайлы исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықты жаратыў ҳәм үшиншиден, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын ҳәм рейтингин арттырыў тийкарғы идея ҳәм мақсет етип белгиленди.
Пәрман менен «2019-2020-жыллары коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы» тастыйықланды. «Мәмлекетлик хызметлер ҳаққында», «Мәмлекетлик қаржылық қадағалаў ҳаққында» «Мәмлекетлик ишки қадағалаў ҳәм ишки аудит ҳаққында»ғы ҳәм басқа да нызамлар қабыл етилиўи нәзерде тутылды.
Олий Мажлис палаталарында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери» бойынша комитетлер шөлкемлестирилди. Дәслепки тәризде жоқары билимлендириў ҳәм капитал қурылыста «Коррупциясыз тараў» жойбарларын әмелге асырыў белгиленди.
Президентимиз 2020-жыл январь айындағы Олий Мажлиске Мүрәжатында жәмийетимиздиң барлық ағзалары «Ҳадаллық вакцинасы» менен емленбесе, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз деди.
- Президентимиздиң 2020-жыл 29-июньдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6013-санлы Пәрманының сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳаққында» ПҚ-4761-санлы Қарарының қабыл етилиўи үлкен әҳмийетке ийе. Бул Пәрман ҳәм Қарар менен Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлигиниң шөлкемлестирилиўи мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекет сиясатын нәтийжели әмелге асырыўда жаңа ҳәм нәтийжели басқыш болды.
Агентлик басшысы Президентимиздиң усынысына бола Олий Мажлис Сенатында сайланады. Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў Миллий кеңеси шөлкемлестирип, баслығы етип Сенат Баслығы ҳәм баслықтың орынбасары етип Спикердиң биринши орынбасары тайынланады. Агентлик Миллий Кеңестиң жумысшы уйымы болып есапланады.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги өз ўәкилликлери шеңберинде:
– коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлик сиясатты қәлиплестиреди ҳәм әмелге асырады;
– ҳәр жылы Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында миллий баянат таярлайды ҳәм оны Президентке ҳәм Олий Мажлиси палаталарына киргизеди;
– Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының ҳәм Сенатының коррупцияға қарсы гүресиўге тийисли болған комитетлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли комитети, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район ҳәм қала Кеңеслериниң коррупцияға қарсы гүресиў комиссиялары менен бирге ислеседи;
– коррупцияға байланыслы жынаятларды, биринши гезекте Өзбекстан Республикасының миллий мәплерине ҳәм халықаралық абырайына зыян жеткеретуғын коррупцияға байланыслы жынаятларды тергеў нәтийжелерин комплексли таллайды, оның жуўмақлары ҳаққында Президентке ҳәм Олий Мажлиси палаталарына мәлимлеме береди;
– нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм олардың жойбарларының коррупцияға қарсы экспертизасын өткериў системасының нәтийжелилигин таллайды;
пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликте аймақлар, экономика тармақлары ҳәм басқа да тараўлар кесиминдеги коррупцияның дәрежесин баҳалаўшы Коррупцияны түсиниў миллий индексин дүзиўди шөлкемлестиреди;
– министрликлер ҳәм уйымлардың коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тараўындағы жумысын муўапықластырады,
– атқарыў ҳәкимияты ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының қарарларында коррупция белгилери анықланған жағдайларда олардың орынланыўын тоқтатыў яки бийкар етиў ҳаққында көрип шығылыўы мәжбүрий болған усыныслар киргизеди ҳәм нызамшылыққа муўапық басқа ўәкилликлерди де әмелге асырыўы мүмкин.
Агентлик БМШтың Коррупцияға қарсы конвенциясы (2008) ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы басқа халықаралық шәртнамалар, келисимлер, форумлар (мысалы, 2010 ж. берли ОЭСР – Экономикалық биргелисиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери ушын коррупцияға қарсы гүресиў тармағының Стамбул ҳәрекетлер режеси шеңберинде өткерилетуғын (5-басқыш мониторинг) илажларда қатнасады ҳәм оған усы бағдардағы жумысларды муўапықластырыў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий координаторы ўазыйпа ҳәм ўәкиллиги жүклетилетуғынын атап өтиў керек.
Президентимиздиң “Коррупцияға қарсы маўасасыз қатнаста болыў орталығын жаратыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда коррупциялық факторларды кескин кемейтиў ҳәм бунда жәмийетшиликтиң қатнасын кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы 2021-жыл 6-июль күни №ПП-6257-санлы Пәрманы “Коррупцияға қарсы гүресиў жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы №ПҚ-5177-санлы Қарары қабыл етилиўи ислеп шығылған илажларды турмысқа енгизиўге имканият жаратты.
Усы Пәрман менен 5 бөлим 44 бәнттен ибарат “Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2021-2022-жылларға мөлшерленген” мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды.
Пәрманда коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм коррупциялық жағдайлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша мәмлекетлик басқарыўды коррупциядан аўлақ тараўға айландырыў мақсетинде Агентлик тәрепинен “Коррупцияға байланыслы жынаятларды әмелге асырыўда айыплы деп табылған шахслардың ашық электрон реестри” жүритиледи.
Реестрге киргизилген шахсларға: мәмлекетлик хызметке қабыл етилиўи ҳәм мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықланыўы; сайланатуғын ҳәм айрықша тәртипте тайынланатуғын лаўазымларға талабанлардың көрсетилиўи; мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслер ҳәм уйымлараралық коллегиал уйымларының ағзалығына киргизилиўи; олар тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәм (яки) олардың қатнасыўшысы есапланған исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик сатып алыўларда ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде қатнасыўшы (атқарыўшы) сыпатында қатнасыўы, мәмлекетлик активлерди меншиклестириў менен байланыслы тендер ҳәм таңлаў саўдаларында қатнасыў; мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде басшылық лаўазымларында жумыс ислеўи қадаған етиледи.
Мәмлекетлик хызметкерлерге республика аймағынан сыртта есап бетлерди ашыў ҳәм ийелик етиў, нақ пул қаржыларын сақлаў, көшпес ҳәм басқа мүлкке ийе болыў қадаған етиледи.
Сондай-ақ, лаўазымлы шахстың мәплер соқлығысыўы жағдайларын жәрия етиў ҳәм олардың алдын алыў бойынша өз ўақтында шара көрмегенлиги орнатылған тәртипте жуўапкершиликти келтирип шығарады.
Агентликке мәплер соқлығысыўы менен байланыслы ҳәр қандай жағдайлар анықланғанда, шәртнама, буйрық ҳәм басқа ҳүжжетлерди тоқтатыў ҳаққында усыныс яки оны ҳақыйқый деп табыў бойынша судқа шағым киргизиў ўәкиллиги берилди.
Жынаят кодексине – коррупцияға байланыслы жынаятлар категориясына киретуғын статьялардың анық дизимин белгилеў; коррупцияға байланыслы жынаятлар ушын белгиленген жаза илажларын узақ мүддетли еркинен айырыў жаза шарасына шекем кескин күшейтиў; дәраматлар ҳәм мүлкти декларациялаў процесинде анықланған нызамсыз байлық арттырғанлығы ушын жуўапкершилик орнатыў; коррупцияға байланыслы жынаятларды әмелге асырған шахсларға жынайый жазаны өтеўде жеңиллестириўши нормалар қолланылыўға шеклеўлер белгилеў нәзерде тутылған нормалар киргизиў белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 27.11.2023 ж. ПП-200-санлы “Коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Пәрманы қабыл етилди.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2023-2024-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама тастыйықланды.
- 2023-жыл 1-декабрьден баслап Ашық мағлыўматлар сыпатында жайластырылыўы керек болған социаллық әҳмийетке ийе мағлыўматлардың дизими төмендеги мағлыўматлар менен толтырыў белгиленген: аймақлар кесиминде “Ҳаж” илажына барыў ушын гезекте турған зыяратшылардың бирден-бир онлайн нәўбети ҳаққындағы мағлыўматлар; балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў ушын берилген арзалар нәўбети (дизими) ҳаққындағы мағлыўматлар; мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде мәмлекетлик сатып атыўларды әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын белгилеўши сатып алыў комиссиясының ишки уйымлық тәртиби; мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге берилген грант ҳәм социаллық буйыртпа жойбарлары ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм жеңимпаз болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм олардың буйыртпа шеңберинде орынланған жумыслары бойынша есабатлары ҳаққындағы мағлыўматлар.
- Агентликтиң төмендеги процесслерди интернет тармағы арқалы жанлы эфирге узатыў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усынысы мақулланды:
а) философия докторы (PhD) ҳәм илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын илимий кеңес тәрепинен өткерилетуғын диссертация қорғаўы; б) орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң тест сынақлары ҳәм Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге кириў имтиханлары; в) жоқары билимлендириў мәкемелери базасындағы әскерий тәлим факультетлерине (әскерий кафедра) қабыл етиўдеги сайлап алыў таңлаўларының төмендеги басқышларың улыўмафизикалық таярлықты баҳалаў;
Президентимиздиң 2021-жыл 6-июльдағы ПҚ-5177-санлы “Коррупцияға қарсы гүресиў жумысын нәтижели шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў Агентлиги директорының 2021-жыл 6-сентябрьдеги буйырығы менен “Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў структураларының жумысы ҳаққындағы” Үлги реже” тастыйықланды ҳәм онда ишки қадағалаў структураларының мақсети, ўазыйпалары, функциялары, ҳуқық ҳәм миннетлемелери, олардың жумысын шөлкемлестириў тәртиби белгиленди.
Коррупцияға қарсы қадағалаў структураларының тийкарғы мақсети шөлкемде, сондай-ақ, оның аймақлық ҳәм қурам бөлимлеринде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша ISO 37001:2016 халықаралық стандарты (ISO – «International Organization for Standardization») талапларына жуўап беретуғын комплексли системаны, атап айтқанда, коррупцияға қарсы гүресиў системасын енгизиў ҳәм раўажландырыў, коррупциялық жағдайларды ерте анықлаў ҳәм олардың себеп ҳәм шараятларын сапластырыў, коррупциялық ис-ҳәрекетлердиң әмелге асырылыўының алдын алыў, шөлкем системасы хызметкерлеринде коррупцияға маўасасыз қатнасты қәлиплестириў мақсетинде олардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын арттырыў, шөлкем системасында коррупцияға қарсы профилактикалық илажларды шөлкемлестириў, коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеўден ибарат.
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў яғный “Комплаенс-қадағалаў” (инглисше compliance – муўапықлық; to comply – әмел етиў фейилинен келип шыққан) муўапықлық – қағыйда ҳәм көрсетпелерге муўапық жумыс алып барыў. “Комплаенс”- бул ишки ҳәм сыртқы талаплар ҳәм нормаларға әмел етиў болып табылады.
Коррупцияға қарсы биргеликте избе-излик пенен гүресилмейтуғын екен, бил иллет ҳәр қандай жәмийетти кризиске қарай жетеклейтуғыны тарийхтан мәлим. Усы мәнисте, мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында бул иллетке қарсы алып барылып атырған ис-ҳәрекетлерге бәршемиз бирдей үлес қоссақ, әлбетте гөзленген мақсетимизге ерисемиз.
Батыр Матмуратов,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң
Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлиминиң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги