Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында  коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған  «Коррупция – жәмийет душпаны» атамасында оқыў-семинары болып өтти.

Онда Педагогикалық орайдың үлкен оқытыўшысы А.Шыразов тәрепинен «Мәмлекетимизде коррупция жынаятына қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары»  атамасында презентация исленип, коррупцияның алдын алыў, оның жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўына кери тәсири, бул бойынша нызам ҳүжжетлериндеги  жуўапкершиликлер ҳаққында түсиник берилди.

Илажда қатнасыўшылар қызықтырған мәселелер үстинде пикирлести.

Ашық сәўбетлесиў илажы да өткерилип, оны педагогикалық шеберлик орайы директорының орынбасары А.Қайпназаров алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Ҳуқықый мәлимлеме секторының баслығы Н.Бердиниязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судының судьясы, юридика илимлериниң докторы, профессор К.Бабаназаровлар өз баянатлары менен қатнасты.

Ашық сәўбетлесиўде мәмлекетимизде коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилди.



Қатнасыўшылардың тараўда коррупцияның алдын алыў бағдарындағы илажлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги