Республикамыздағы барлық аўыл хожалығы кәрханалары, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринде ҳәзирги ўақытта жәми 7,2 мың гектарлық мийўели бағ ҳәм 1,7 мың гектарлық жүзимгершилик майдан бар. Бул жерлерден быйылғы жылы 71,8 тонна мийўе ҳәм 12,3 тонна жүзим өнимлери жетистирилген.
Быйылғы жылдың 11 айында 4 миллион 794,6 мың долларлық 5436,6 тонна мийўе ҳәм 2 миллион 318,7 мың долларлық 2559,1 тонна жүзим өнимлери экспортқа шығарылған.
– Республикамызда быйылғы жылы бағшылықты ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды,-дейди Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Х.Ачилов.
Быйылғы жылы фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 838 гектарлық майданда мийўели бағлар ҳәм 295 гектарлық майданда тазадан жүзимгершиликлер шөлкемлестирилди.
Мәселен, Әмиўдәрья районында усы жылдың өзинде 155 гектар майданда интенсив бағлар шөлкемлестирилди.
Буннан басқа бәҳәр айларында экономикалық нәтийжесиз болған 552 гектарлық бағ ҳәм 198 гектарлық жүзимгершиликлер реконструкцияланып, бул жумыслар ҳәзирги гүзги-қысқы мәўсимде де даўам етпекте.
Атап айтқанда ҳәзирги ўақытта Беруний районындағы Шааббаз АПЖдағы «Сабиров Садулла бағы» бағшылық фермер хожалығында 2 гектар майданда жарамсыз, нәтийжесиз болып қалған жерлери қайта исленбекте.
Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги