Елимиз экономикасының раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын темир жол системасында әмелге асырылып атырған жаңа жойбарлар жоқары нәтийжелер бермекте. 2016-жылдың декабрь айында басланған Бухара – Мискин темир жол қурылысы әне, усындай дөретиўшилик жумыслардан бири болып табылады.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев быйылғы жыл 10-11-март күнлери Бухара ўәлаятына сапар етиўи ўақтында усы жойбар менен танысып, қурылыс жумысларын жеделлестириў бойынша әҳмийетли усыныслар берген еди.
Темир жол қурылысы Бухара ўәлаятының Бухара районы менен Қарақалпақстан Республикасының Мискин орайында бир пайыттың өзинде басланды. Жумыстың жақсы шөлкемлестирилгени нәтийжесинде улыўма узынлығы 355 километр болған темир жол линиясында жойбардың биринши басқышы табыслы жуўмақланды.
Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы күни – 1 сентябрьде саҳра қумлықларынан өткен темир жол линиясының Бухара ўәлаяты аймағындағы 147-148-километрлери аралығында полат излердиң соңғы бир неше он метри қойылды. Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер басшылары, жумысшылар, инженер-техникалық хызметкерлер, сала нуранийлери, журналистлер қатнасты.
– «Бастрансжойбар» акционерлик жәмийети тәрепинен ислеп шығылған усы жойбардың биринши басқышы белгиленген мүддетте әмелге асырылды, – дейди «Өзбекистан темир жоллары» АЖ жол хожалығы басқармасының баслығы, Өзбекистан Қаҳарманы Э.Умматов. – Қурылыс даўамында дерлик 22 миллион куб метрлик топырақ жумыслары орынланды. 121 жасалма объект, 12 көпир ҳәм 6 жол өткели, 5 станция ҳәм 5 разъезд қурылды. Дөретиўшилик жумысларына 2 мыңға шамалас жумысшы-қәниге, мыңнан зыят қүдиретли заманагөй техникалар менен механизмлер тартылды. Ғәрезсизлик жылларында қурылған Султан Ўәйистаў – Нөкис, Ташгүзар – Байсын – Қумқорған, Ангрен – Пап темир жол линияларының қурылысында елимиздиң үлкен техникалық имканияты менен бирге, жумысшы-қәнигелердиң үлкен потенциалы да бақланған еди. Әне усы жойбарларда арттырылған тәжирийбе Бухара – Мискин линиясын қурыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Жаңа линия үстинен локомотив ҳәрекетленди. Енди усы трассада жумысшы поездиниң қатнаўы жолға қойылады. Ҳәзирше бул жолда жүк тасыўшы поездлер ҳәрекетленеди. Олар жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын “Afrosiyob” поезди қатнаўын жолға қойыў мақсетинде линияны электрлестириў ҳәм басқа да жәрдемши объектлердиң қурылысын өз ишине алған екинши басқышты әмелге асырыўда пүткил трасса бойлап зәрүр болатуғын ҳәр қыйлы имаратшылық материалларын жеткерип береди. Аймақтың жер асты тәбийғый байлықларын өзлестириў, олардан нәтийжели пайдаланыў, жаңадан қурылатуғын ислеп шығарыў кәрханалары ушын материал тәмийнатын әмелге асырыўға хызмет етеди.
Усы ўақытқа шекем Ташкент қаласынан Үргенишке қатнайтуғын поездлер Наўайы – Үшқудық – Мискин магистралы арқалы 1064 километр жол басқан болса, бул жойбардың екинши гезеги жуўмақланғаннан соң, бул аралық дерлик 100 километрге қысқарады. Бул ўақыт, жанылғы ҳәм басқа да қәрежетлерди үнемлеў имканиятын береди.
Электрлестирилетуғын усы линия иске қосылғаннан соң, Ташкент – Самарқанд – Наўайы – Бухара – Үргениш ҳәм Мискин жөнелисиниң даўамы сыпатында жолаўшылардың алысын жақын етиў, елимизге шет елли туристлердиң ағымын көбейтиўде әҳмийетли фактор болады.
Э.ЁДГОРОВ, ӨзА ның хабаршысы