Ҳиндстан оппозициясы пайтахтын Ню-Делиден басқа қалаға көшириўди усыныс етти. Ҳаўаның жүдә патасланып кеткени бул басламаға себеп болды.
«Ҳиндстан миллий конгресси» оппозиция партиясы жетекшилеринен бири Шаши Тҳарур мегаполис атмосферасының бул аўҳалы менен мәмлекет пайтахты болыўға ылайық па деген сораўды ортаға таслады.
Узақ ўақыттан берли Дели дүньяның ҳаўасы ең патасланған қалалары дизими жоқарсында турыпты. 13-ноябрь күни Делиде ҳаўаның зәҳәрли майда бөлеклер менен патасланыў дәрежеси Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми белгиленген критериядан 50 есе жоқары болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги