Президент Шавкат Мирзиёев 20-ноябрь күни Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын арттырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Самарқанд мәмлекетимиз орайында жайласқан, саўда, санаат, туризм, транспорт ҳәм аграр тармақлар жақсы раўажланған аймақ. Мәмлекетимиз басшысының 2023-жылы август айындағы сапары даўамында белгиленген ўазыйпалар избе-из орынланбақта.
Енди жаңадан-жаңа шеклер алыў керек. Усы мақсетте халық ҳәм исбилерменлер менен ушырасыўлар өткерилип, 4,1 миллиард долларлық 120 жойбарды әмелге асырыў имканияты анықланған. Атап айтқанда, алдағы жылда Самарқанд ўәлаятында аймақлық бағдарламалар шеңберинде кеминде 1 миллиард 850 миллион доллар инвестицияларды өзлестириў, 20 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм қосымша 1,2 триллион сумлық өним ислеп шығарыў есап-санақ етилген.
Мысалы, Пастдарғам районы «Чимбайабад» аймағында ҳәкимлик резервинде турған 234 гектар жерде арнаўлы санаат зонасын шөлкемлестириў мүмкин. Исбилерменлер бул жерге 500 миллион доллар инвестиция киргизип, фармацевтика, химия электротехника, қурылыс материаллары ҳәм азық-аўқат жойбарларын баслаўға таяр екенлигин билдирген.
Зарафшан дәрьясы әтирапындағы 25 гектар таслақ жер «Үргит» еркин экономикалық зонасына қосылса, 30 миллион долларлық жойбарларға орын болады. Дарғам каналы бойында 35 километрли туристлик жоллар, Нарпай каналында гастрономиялық коридор шөлкемлестириў арқалы биринши басқышта 500 миллиард сумлық жойбарлар әмелге асырылады.
Ўәлаяттағы жайлаў ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерди экономикалық активке айландырыў керек. Мысалы, Самарқанд районында 350 гектар суўғарылмайтуғын жерде туристлик-рекреациялық аймақ қурып, мың исбилерменди жайластырыў ҳәм 3,5 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин.
Булунғырдың топырағы, климат мийўе-овощь егиўге қолайлы. Райондағы 6 мың гектар нәтийжеси аз ғәлле майданлары мийўе-овощ жетистириўге қәнигелестирилсе, гектарынан дәрамат 10 мың доллардан артады, 45 мың адам жумыслы болады. Өнимлердиң ярымы экспортқа шығарылып, қосымша 52 миллион доллар экспорт түсими тәмийинленеди.
Иштихан, Үргит, Пайарық ҳәм Қошрабатдағы адамлар 35 мың гектарда жүзим жетистиреди. Бирақ дәраматлы сортларды егиў, кеселикке қарсы гүресиў, жаңадан агротехника илажларға көнликпе жетиспегени ушын өнимдарлық аз. Сол себепли Иштиханда Академик М.Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институтының илимий-тәжирийбе станциясын шөлкемлестириў усынысы билдирилген. Онда “in-vitro” усылында нәлшилик жолға қойылып, жүзимниң “Гигант”, “Сырлыбай”, “Аватар” сыяқлы базар шаққан нәллер жетистириледи. Нәтийжеде өнимдарлық қосымша 25-30 центнерге, экспорт 20 миллион долларға артады.
Сондай-ақ, Қошрабат, Иштихан, Нурабад, Пастдарғам, Пахташы ҳәм Үргиттеги кәнлер негизинде пайдалы қазылмаларды қайта ислеў кәрханаларын ашыў мүмкин.
Мәжилисте Самарқанд ўәлаяты ҳәкими усындай имканиятларды иске қосыў бойынша илажларды презентация иследи.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, Самарқанд ўәлаятында инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша қарар киргизиў ўазыйпасын қойды. Жойбарларды мастер-реже тийкарында жайластырыў, көбирек жумыс орынлары ҳәм заманагөй турақ жайлар қурып, халық абаданлығын арттырыў бойынша тапсырмалар берди.
ӨзА