Өзбекистан Республикасы ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамы қарсаңында пайтахтымызда «Нөкисэлектроаппарат» ЖШЖ қоспа кәрханасының ашылыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, «Өзбекэнерго» акциянерлик жәмийети баслығының орынбасары Ш.Шералиев, «Өзэлектроаппарат-Электрощит» кәрханасының бас директоры В.Роюк шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа кәрхананың иске түсирилиўи, сондай-ақ, елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы және Қурбан ҳайыт байрамы менен қутлықлады.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң республикамызға, соның ишинде, халқымызға болған жоқары итибары және ғамқорлығы нәтийжесинде қала ҳәм районларымызда кең көлемли қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта. 2017-2018-жылларда санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 70 жойбар әмелге асырылып, соның нәтийжесинде 14,2 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады. Быйылғы жылдың өзинде 103 социаллық объектте 116 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.

Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары ўақтында энергия тармағы өнимлерин ислеп шығаратуғын кәрхананың жойбары менен танысқан еди. Елимиз басшысы жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм қурылысшылар менен сәўбетлесип, бул жуўапкершиликли жумыста оларға табыслар тиледи. Өткен қысқа ўақыт ишинде әмелге асырылған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде кәрхана белгиленген мүддетинде пайдаланыўға тапсырылды.

Кәрхананы өз ўақтында сапалы қурып питкериўде Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 13-июньдеги «Нөкис қаласында электротехника өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Бундағы тийкарғы мақсет, елимиздиң энергетика комплексиниң талабын қанаатландырыў, жергиликли базарларымызды импорт орнын басатуғын жоқары кернеўли өнимлер менен тәмийинлеў, экспорт көлемин кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў болып табылады.

Бул жердеги Италияның «Pvima Power», «Taiss», Германияның «Gema», сондай-ақ Швейцария, Қытай, Россия еллериниң абыройлы фирмаларының ең соңғы үлгидеги заманагөй үскенелеринде ислеп шығарылып атырған  6-10кВ қуўатлылығына ийе трансформатор подстанцияларына елимиз халық хожалығының барлық тараўларында талап күшли. Келеси жылдан баслап халықаралық талапқа жуўап беретуғын бул өнимлерди ишки базарымыздан тысқары Орайлық Азия еллерине, ҒМДА мәмлекетлерине, сондай-ақ Россия Федерациясына экспорт  етиў режелестирилген.

Жаңа кәрхананың иске түсирилиўи менен жергиликли 60 қәниге, соның ишинде, кәсип-өнер колледжлериниң питкериўшилери жумыс орны менен тәмийинленди. Олардың барлығы Ташкент қаласындағы «Өзэлектроаппарат-Электрощит» кәрханасында кәсиплик маманлығын арттырып қайтты. Келеси жыллары бул жерде жумыс орны 200 ге жеткериледи.

-Нөкис компьютер ҳәм хабар технологиялары кәсип-өнер колледжин питкерип, усы кәрханаға жумыс орналастым,-дейди оператор Қалмурза Медетбаев. -Ғәрезсизликтиң шарапаты менен бундай заманагөй кәрханада ислеў имканиятына ийе болдық. Ташкентли қәнигелердиң жәрдеминде Италияның «Pvima Power» фирмасының заманагөй үскенесин басқарып атырман. Биз жасларға бундай имканият жаратып берген Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Ҳақыйқатында барлық қолайлылықларға ийе, заманагөй үскенелер менен тәмийинленген, пайтахтымыз Нөкис қаласының архитектуралық және мәдений келбетине өзгеше шырай бағышлап турған бул кәрхананың иске түсирилиўи елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығы байрамы алдынан халқымызға әжайып саўға болды.

Кәрхананың ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.