Қазақстанда 2024-жыл кейинги 10 жыл ишинде ең көп ғәлле жетистирилген. Бул пикирди Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев аўыл хожалығы хызметкерлери биринши форумында билдирди.
– Жыл аўыр келиўине қарамастан, соңғы 10 жылдағы рекорд – 26,7 миллион тонна ғәлле жыйнап алыўға еристик, – деди ол. – Қазақстан Орайлық Азия регионына тиккелей сырт ел инвестиция ағымы бойынша жетекши. Көрилген системалы илажлар себепли инфляция кемейип, усы жылдың октябрь айында 8,5 процентти қурады. Миллий экономика өсиў дәрежесин көрсетти: 10 айда 4 процент. Әҳмийетлиси, унамлы көрсеткишке, тийкарынан, нефтсиз секторды раўажландырыў есабынан ерисилмекте. Жалпы ишки өним өсиўдиң үштен еки бөлеги саўда, ислеп шығарыў, қурылыс ҳәм аўыл хожалығына туўра келеди. Бул бойынша жумысты жедел даўам еттириўимиз керек.
Мәмлекет басшысы агросанаат комлекси экономикалық өсиўдиң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшине айланыўы керек екенин де атап өтти:
– Бизнес те, мәмлекет те мәпдар есапланған бул процесс, биринши гезекте, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў көз-қарасынан әҳмийетли. Аўыл халқының абаданлығы да тиккелей ислеп шығарыўдың раўажланыўына байланыслы. Аўыл хожалығы техникасын жаңалаў дәрежесин жылына 8-10 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды. Сол мақсетте мәмлекетте ислеп шығарылған тараў машиналары ушын жыллық 5 процентли жеңилликли лизинг бағдарламасы жолға қойылып, 8 үлкен биргеликтеги кәрхана, атап айтқанда Германияның «Claas» концерни, Россияның «Рост сельмаш» заводы табыслы жумыс алып бармақта. Усы жылы улыўма баҳасы дерлик 160 миллиард тенгелик 4,5 мыңнан аслам трактор, 815 дана ғәлле жыйнаў машинасы (соннан 107 си Claas) ислеп шығарылды. Ҳүкимет мийнет өнимдарлығын арттырыў, киши комплекслер жыйнаўды қоллап-қуўатлаў, импорт етилетуғын аўысық бөлеклерди локализациялаў арқалы нәтийжели жумыс орынлары жаратыўға итибар қаратыўы керек. Бул мәўсим дән экспорты муғдары 12 миллион тоннаға шығыўы салмақлы нәтийже ҳәм үлкен жуўапкершилик. Фермер хожалықларын сыртқы базарға шығарыў мақсетинде ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳүкиметиниң әҳмийетли ўазыйпасы. Экспорт потенциялын арттырыў ушын дүнья базарында қарыйдарлығы жоқары өнимдар егинлер жетистириў зәрүр.
Тоқаев, сондай-ақ, тенге турақлылығын Қазақстан раўажланыўының тийкарғы шәртлеринен бири сыпатында тән алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги