Халқымыздың күнделикли турмысында ең зәрүрли болған гөш, ун, мәйек, қумшекер, өсимлик майы баҳаларының жасалма түрде жоқарыламаўы, базарда ең керекли, көп қолланылатугын өнимлерге арзан баҳалардың қойылыўы тийисли уйымлар тәрепинен қадағаланбақта.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен «Қоңырат дийқан базары»нда да арзанластырылған аўыл хожалығы өнимлериниң  ярмаркалары шөлкемлестирилмекте.

Саўда ярмаркасында райондағы фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген азық-аўқат өнимлери арзан баҳаларда сатылмақта.  Аймақ турғынлары гөш, гүриш, мийўе-палыз өнимлерин арзан баҳаларда  сатып алыў имканиятына ийе болғанынан миннетдар.

– Арзанластырылған азық-аўқат өнимлери ярмаркасының шөлкемлестирилгенинен миннетдармыз, 70 мың сумнан гөш, 900 сумнан мәйек сатып алдым. Басқа өнимлер де арзан баҳаларда сатылмақта. Базардағы баҳалардың турақлылығын сақлап турған ҳәкимият ҳәм тийисли уйым басшыларынан миннетдармыз,-дейди қарыйдарлардың бири.

Шынында да, базарларымызда азық-аўқат өнимлериниң мол болыўы халықтың абадан турмысын тәмийинлеўге тийкар жаратады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги