Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-ноябрь күни Бишкек қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың басшылығында өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Венгрия Бас министри Виктор Орбан ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери Кубаничбек Омуралиев те қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды, әмелий шерикликтиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Астана ҳәм Шуша қалаларындағы ушырасыўлардан кейинги ўақыт даўамында глобал геосиясий процесслер күн сайын қурамалы түрге енгенин айрықша атап өтти. Жетекши мәмлекетлер арасындағы бәсеки ҳәм исенимсизлик орталығы кескин күшеймекте, тартыс ҳәм урыс ошақлары көбейип, ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер және де артпақта.
Бул машқалалар саўда, инвестиция, транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы биргеликтеги реже ҳәм үлкен жойбарларға үлкен тосқынлық етпекте.
Усы мәниде, сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселелеринде сөйлесиўлерди системалы даўам еттириў, шөлкемге ағза мәмлекетлердиң улыўмалық мәплеринен келип шығып, халықаралық машқалалар бойынша уқсас ҳәм анық позицияны жедел әмелге асырыў мақсетке муўапықлығы атап өтилди.
Бул жерде сөз, бәринен бурын, Жақын Шығыста даўам етип атырған әдалатсыз урыс ҳәм бақланып атырған еки жақлама стандартлар ҳаққында бармақта. Ғаза секторы ҳәм Ливандағы мисли көрилмеген гуманитарлық апатшылық, тыныш халыққа қарсы ўайран етиўши ҳүжимлер, әсиресе, бийгүна балалар, кекселер ҳәм ҳаял-қызлар қурбан болып атырғаны айрықша атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Палестина қашқынларына жәрдем бериў бойынша арнаўлы агентликтиң жумысын шеклеўге қаратылған ҳәрекетлер қараланды.
Бул көп жыллық тартыстың бирден-бир шешими – халықаралық нормативлик ҳүжжетлер ҳәм резолюцияларға муўапық 1967-жылдағы шегаралар тийкарында, пайтахты Шығыс Қуддус болған ғәрезсиз Палестина мәмлекетин дүзиў екени атап өтилди.
Кейинги ҳәптеде Ар-Риёд қаласында өтетуғын араб-мусылман мәмлекетлериниң саммитинде бул машқалаға конструктивлик сиясий шешим табылатуғынына үмит билдирилди.
Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар қаратылды. Бул бағдарда министрлер ҳәм экспертлер дәрежесиндеги турақлы қарым-қатнас механизмин жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Аўғанстандағы аўыр машқалаларды шешиўде әмелдеги ҳүкиметке жәрдем көрсетиў, бул мәмлекетти регионаллық экономикалық процесслерге кеңнен тартыў, социаллық ҳәм инфраструктура жойбарларын жүзеге шығарыў мәселелери, әлбетте, көрип шығылыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.
Тарийхый ҳүжжет – Түркий дүнья хартиясының қабыл етилиўи туўысқан мәмлекетлер ҳәм халықларымыз арасында күшейип баратырған көп тәреплемели бирге ислесиўдиң жарқын белгиси екени айрықша атап өтилди.
Саммит күн тәртибинен келип шығып, Өзбекстан жетекшиси бир қатар баслы мәселелерге тоқтап өтилди.
Бәринен бурын, мәмлекетимиз басшысы шөлкемниң шәртнамалық-ҳуқықый базасын кеңейтиў ҳәм беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы мәниде, Түркий мәмлекетлердиң стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы шәртнаманы қабыллаў усыныс етилди.
Сондай-ақ, шөлкем шеңбериндеги жаңа экономикалық имканиятлар мәканын жаратыў мақсетинде тарифлик ҳәм тарифлик емес тосқынлықларды сапластырыў, саўда-бажыхана тәртип-қағыйдаларын жеңиллестириў, электрон коммерциялық платформаларды раўажландырыў бойынша анық келисимлерди ислеп шығыў басламасы алға қойылды.
Усы мүнәсибет пенен саўда тараўындағы имканиятты кеңейтиўге қаратылған терең изертлеўлер алып барыў ушын жақын келешекте Ташкентте жетекши таллаў орайларының әнжуманын өткериў усыныс етилди.
Келеси жыл ушын экономикалық форум, саўда ҳәм санаат көргизбелери, регион ҳәм ўәлаятлардың өз-ара сапар режелерин, мәмлекетлик сатып алыўларда қатнасыў, кооперация ҳәм локализация бойынша биргеликтеги бағдарламасын қабыллаў керек екенлиги атап өтилди.
Дүнья қаржы базарында капиталға болған талап ҳәм оның баҳасы артып бармақта, раўажланып атырған мәмлекетлерге узақ мүддетли ҳәм «жасыл» кредитлер ажыратыў шәртлери қыйынласпақта.
Усы көзқарастан, қаржы механизмлерин енгизиў, Түркий инвестиция фондының жумысын жеделлестириў ҳәм Түркий раўажланыў банкин шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, регионаллық әҳмийетке ийе жойбарларға халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел инвестиция компанияларын тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен Түркий инвестиция форумын шөлкемлестириў ҳәм оның биринши мәжилисин Өзбекстанда өткериў усыныс етилди.
Транспорт жолларынан нәтийжели пайдаланыў, Орта коридор бойынша транзит тарифлерин оптималластырыў, шегараларды кесип өтиў процесслерин әпиўайыластырыў, заманагөй логистика системалары ҳәм биргеликтеги операторларды жаратыў және бир баслы мәселе сыпатында белгиленди.
Шөлкем шеңберинде тасыўларда электрон ҳүжжет айланыўына өтиў ҳәм оларды өз-ара тән алыў бойынша көп тәреплеме келисимге қол қойыў басламасы алға қойылды.
Усы мәселелерди бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында толық додалаў мақсетинде Түркий мәмлекетлер логистика орайлары ҳәм жүк тасыўшылар альянсы менен биргеликте Халықаралық логистика конференциясын өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бул ретки саммит темасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде келешек экономикасын кеңнен енгизиў, сондай-ақ, мәлимлеме технологиялары тараўында алдыңғы тәжирийбе ҳәм жетискенликлерди алмасыў, инновациялар, инфраструктура ҳәм илимниң санлы системаларын, ири мағлыўматлар орайларын жаратыўға қаратылған «Санлы түркий дүнья» концепциясын ислеп шығыў усыныс етилди.
Өзбекстан жетекшиси Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң келеси ҳәптеде Баку қаласында СОР-29 Глобал саммити жумыс баслаўы менен қызғын қутлықлап, климат өзгериўи менен байланыслы өткир экологиялық машқалаларға шешим табыў ушын министрлер дәрежесинде Түркий экология кеңесин тез ўақыт ишинде шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти ҳәм оның биринши ушырасыўын келеси жылы Өзбекстанда өткериўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Туўысқан халықларымызды және де жақынластырыў, жасларды ата-бабаларымызға мүнәсип руўхта тәрбиялаў мақсетинде шөлкемге ағза мәмлекетлердиң тиллеринде түркий халықлар аўыз-еки дөретиўшилигиниң көп томлық топламын басып шығарыў, биргеликте фундаментал изертлеўлер алып барыў, мектеплерде түркий халықлар ҳәм олардың тарийхы, этнографиясы, мәденияты ҳәм көркем өнери бойынша факультатив сабақларды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мәниде, Өзбекстан Түркий мәденият ҳәм мийрас қорының толық ағзасы болыўға таяр екенлиги билдирилди.
Сөзиниң соңында Өзбекстан Президенти Венгрия Бас министри Виктор Орбанды Түркий дүньяның жоқары орденине ерискени менен қызғын қутлықлады.
Саммит жуўмағында Бишкек декларациясы, мәмлекетимиздиң басламасы менен ислеп шығылған Түркий дүнья хартиясы, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша бир қатар келисимлер қабыл етилди.
ӨзА