6-ноябрь күни Бишкек қаласында болып өтип атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзине ажыратылған резиденцияда Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен ушырасыӯ өткерди.

Өзбекстан-Венгрия стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиӯ байланысларын және де раӯажландырыӯдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Өз-ара бирге ислесиӯдиң әмелий нәтийжелери айрықша миннетдаршылық пенен атап өтилди. Товар алмасыӯ көрсеткишлери ҳәм санаат кооперациясы көлеми артып бармақта. Ташкент ӯәлаятында индустриал парк шөлкемлестириӯ жумыслары алып барылмақта. Октябрь айында Қоқанд қаласында биринши Аймақлар форумы өткерилди. Бул айда Будапешт қаласында әҳмийетли биргеликтеги мәдений илажлар болып өтеди.


Мәмлекет басшылары еки тәреплеме илажлар режесин көрип шықты. Жетекши компаниялардың саӯда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиӯ бойынша жаңа жойбарлар портфелин қәлиплестириӯ әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

 

                                                    ӨзА