БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджи ханым ҳәм оның орынбасары Анас Файяд Карман Қанлыкөл районына барды.
Мийманлар район ҳәкими Б.Султанов ҳәм тийисли ўәкиллер тәрепинен жақсы күтип алынып, сапар даўамында мийманларға БМШ Раўажланыў бағдарламасының гранты тийкарында қаржыландырылып шөлкемлестирилген райондағы Бескөпир АПЖ аймағындағы Г.Аралбаева басқарған «Бескөпир-жайлаў» өндирислик кооперациясының жумыслары менен танысты.
Кооперация грант шеңберинде ең заманагөй, жоқары өнимдарлы техникалар менен тәмийинленген болып, олар тийкарынан аўыл хожалығы егинлерин егеди ҳәм өним жетистиреди.
Мийманлар «Аралбойы регионында климатқа шыдамлы аўыл хожалығы арқалы өз-өзин тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў» биргеликтеги жойбарының нәтийжелерине жоқары баҳа берди.
«Бескөпир-жайлаў» аўыл хожалығы кооперативи 541 гектар жерге ийе болып, оның 273 гектары егислик жерден, 268 гектары жайлаўдан ибарат. 2024-жылы кооператив 26 фермер ҳәм дийқан хожалықларын қурап, 5 пуқара турақлы, 35 пуқара мәўсимлик жумыс орынларына ийе болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги