Нуранийлерди қәдирлеў, оларға ҳүрмет көрсетиў, пәтиясын алыў миллий қәдириятларымыздың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен нуранийлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс сапасын және де жақсылаў, кексе әўладтың машқалалары, талаплары ҳәм қызығыўшылықларын үйрениў, системалы таллаў ҳәм оларды шешиўге үлкен итибар қаратылмақта.
Усы мәселелер шеңберинде әмелий ҳәм фундаменталлық жойбарларды әмелиятқа енгизиў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Шаңарақ ҳәм гендер илимий-изертлеў институты тәрепинен «Кекселерде физикалық мәдениятты арттырыў, дурыс аўқатланыўдың тийкарғы принциплери арқалы шаңарақта саламат орталық жаратыў» темасындағы жойбарға старт берилди.
Жойбардың мақсети жасы үлкен халық арасында кеўиллилер (волонтёрлық) ҳәрекетин жолға қойыў арқалы саламат турмыс тәризин раўажландырыўдан ибарат.
Бул арқалы аймақларда жәми 120 кеўиллиден ибарат топарды шөлкемлестириў ҳәм олардың жумыс даўамлылығын тәмийинлеў нәзерде тутылған. Жойбарды әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасының Шымбай районы, Ферғана ўәлаятының Марғылан қаласы, Ташкент қаласының Мирабад ҳәм Шайхантаҳур районларындағы 6 мәҳәлле сайлап алынды.
Жойбар шеңберинде дәслеп кеўиллилерди оқытыў, керекли маманлықларды қәлиплестириўге қаратылған 2 күнлик тренинглер режелестирилген.
Жойбардың дәслепки мәнзили сыпатында Қарақалпақстан Республикасының Шымбай районындағы Абат мәкан ҳәм Бердақ мәҳәллелери сайлап алынып, сабақлар өткерилди. Оған саламатлығын жақсылаўға, физикалық мәдениятын арттырыўға қызығыўшылығы бар, лидерлик қәбилетине ийе, шешенлик қәбилети қәлиплескен 60 жастан 75 жасқа шекемгин ер адамлар ҳәм 55 жастан 70 жасқа шекемги ҳаял-қызлар тартылды.
Жойбар ағзалары оқытылған кеўиллилерди 40 күн даўамында дурыс аўқатланыў қағыйдаларына әмел етиўи, физикалық шынығыўларды орынлаўы ҳәм усы сыяқлы бир қанша нормаларды итибарға алған ҳалда бақлап барыўы режелестирилген.
Ҳәзирги ўақытта жойбар көтериңки руўхта даўам етпекте.
Н.Усмонова, ӨзА