Бүгин мәмлекетимизде елимиздиң байлығы болған «ақ алтын»ды сепситпей жыйнап алыў бойынша жеделлик пенен кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Елимиздиң қырманына үлес қосыў ушын пахта атызларында мийнет етип атырған ҳаял-қызлардың мийнетлери айрықша көзге түсип, ҳәр қандай ҳүрмет-иззетке  миясар болмақта.

Жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар қатарында  Тақыятас районындағы «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жумыссыз ҳаял-қызлар ел қырманына үлес қосыўда белсендилик көрсетип, шаңарағына да қосымша дәрамат таппақта. Оларға ҳармасын айтылып, атыз басында шөлемлестириўшилер тәрепинен  хошаметленип барылмақта.

Райондағы «Феникс-Багм» фермер хожалығында пахта жыйын-теримине үлес қосып атырған ҳаял-қызлар Тақыятас районы ҳәкимлиги, «Дослық» мәҳәллеси, фермер хожалығы тәрепинен  хошаметленди. Илажға район ҳәкиминиң орынбасары Г.Бекбергенова қатнасып, ҳаял-қызлардың машақатлы мийнетиниң арқасында фермер хожалықта жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанлығын атап өтип, оларға ел қырманына үлес қосып атырғанлығы ушын миннетдаршылығын билдирди ҳәм алдынғы теримшилерге баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги