«Ал-Вакил» басылымының хабар бериўинше, Иордания Ғәрезсиз сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўында сырт ел бақлаўшысы сыпатында қатнасты.
Атап айтқанда, Ғәрезсиз ҳәкимият Комиссарлары кеңеси ағзасы Жиҳод Ал-Мўъминий ҳәм Бас хаткер канцелярысының директоры Ториқ Жарадат Ташкент қаласындағы айырым сайлаў участкаларына барып, даўыс бериў механизми ҳәм сайлаў комиссияларының жумысы менен танысқан. Мийманлар процесс нызамшылыққа әмел еткен ҳалда, ашық-айдын болғанын атап өткен.
ӨзА