Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм Абу-Даби Мәденият ҳәм туризм департаменти арасында келисим меморандумына қол қойылды. Бул мәденият ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиўге хызмет етеди.

Ушырасыўда еки мәмлекеттиң бай тарийхый мийрасы ҳәм биргеликтеги жумыслардың перспективалары додаланды. Меморандум Өзбекстан ҳәм Абу-Даби музейлеринде биргеликте көргизбелерди өткериў, мәдений мийрас тараўында изертлеўлер алып барыў, мәдений мийрасты сақлаў ҳәм музей жумысы бойынша тәжирийбе алмасыў сыяқлы көплеген бағдарларды өз ишине алған.

Сондай-ақ, ҳүжжетте билимлендириў жойбарлары ҳәм мәдений объектлерди қурыў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетлерди әмелге асырыў да нәзерде тутылған. Меморандумға қол қойылғаннан соң усы бағдарлар бойынша жумысларды белгилеп алыў ушын келешекте онлайн-сөйлесиў алып барыў ҳаққында келисимге ерисилди.

Бул келисим Өзбекстан ҳәм БАӘ арасында мәдений алмасыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўде жаңа шеклерди ашады.

ӨзА