2023-2024-жыллардың январь-сентябрь айларында районлар кесиминде сатылған жер майданларын таллаўға бола, усы дәўирде онлайн акцион арқалы мүлк ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында сатылған орташа 1 гектар жердиң баҳасы 595,1 миллион сумға қымбатлаған.
Аймақлар кесиминде мүлк ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында 2024-жылдың январь-сентябрь айларында 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда Ташкент қаласында 4,7 есеге, Қарақалпақстан Республикасында 4,4 есеге, Әндижан ўәлаятында 3,2 есеге, Хорезм ўәлаятында 2,8 есеге, Қашқадәрья ўәлаятында 2,7 есеге ҳәм Наманган ўәлаятында 2,5 есеге көп жер майданлары сатылған.
Сондай-ақ, 2024-жылдың январь-сентябрь айларында 24 мың 612 лот яки 5 323,7 гектар жер майданы ижара, 10 мың 884 лот яки 500,3 гектар жер майданы мүлк ҳуқықы тийкарында саўдаға шығарылған. Усындай жумыслардың нәтийжесине бола, 19 327 лот, 2 681,5 гектар жер участкалары 2 860,1 миллиард сумға сатылған. Бул болса 2023-жылға салыстырғанда сатылған лотлар саны 1,9 есеге шекем, жерлердиң көлеми 1,8 есеге шекем, жерлерди сатыўдан түскен қаржылар муғдары болса 4 есеге шекем артқан.
2024-жылдың ҳәзирги дәўиринде республикадағы 67 район (қала) да мүлк ҳуқықы тийкарында жер участкалары аукцион саўдаларына улыўма шығарылмаған.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Макроэкономикалық ҳәм аймақлық изертлеўлер институтының таллаўында мәлим етилди.
ӨзА