«Өзавтосанаат» АЖның жумысына халық тәрепинен билдирилген наразылықлардан биймәлел дәстан жазыў мүмкин

 

Өзбекстанда автомобиль ислеп шығарылып атырғанына дерлик 22 жыл болды. Бизге белгили, ҳәр бир жаңадан сатылып атырған машинадағы «бензобак»та кеминде 5 литр бензин болыўы нәзерде тутылған. Ақыры, қарыйдар машина менен жақынырақ АЖҚШға жетип алыўы керек-ғо. Бирақ, усы ўақытқа шекем сатылған машиналар резервинде 5 литр бензин менен сатылғанына гүўа болғанлар бар ма! Жаңа машина сатып алған қарыйдарлар бәрқулла «бензобак»тың бос екенин ҳәм жақын арада АЖҚШға зорға жетип алғанларын айтады. Тән алыў керек, таза машиналар қарыйдардың қолына жетип барғанша оның тек ғана жанылғысын «түйе етпеген». «Өзавтосанаат» АЖның жумысына халық тәрепинен билдирилген наразылықлардан биймәлел дәстан жазыў мүмкин.

Бүгин Халықаралық пресс-клубтың гезектеги ушырасыўына «Өзавтосанаат» АЖ, Асака заводы басшылары ҳәм Турин политехника университетиниң ректоры қатнасты. Әдетте Пресс-клуб мийманлары аппақ жумсақ отырғышларда отырып, журналистлердиң сораўларына жуўап беретуғын еди. Бул сапары халыққа қымбат, бирақ сапасыз машиналар сатып атырған «Өзавтосанаат» АЖ басшылары тик турған ҳалда Интернет арқалы адамлардан келген сораўларға жуўап бериўге ҳәрекет етти.

 

АШЫҚ ҚАЛҒАН СОРАЎЛАР

 

Ушырасыўды басқарған Шерзод Қудратхўжаев 5 литр бензин машқаласынан баслап, «Дамас» автомобильлерин алыўдағы қыйыншылықлар ҳәм «шапка»лар ҳаққында сораўлар менен Пресс-клубтың мийманларына мүрәжат етти. Өзбекстан автомобиль санааты басшылары ўәкиллеринен усы сораўларға анық жуўап болмағаны тәбийғый. Ҳәзирше бундай ашық-айдын сораўлардың берилгенинен ғана кеўлимиз көтериледи.

Не ушын автосалонларда қарыйдарларды ашық жүз бенен күтип алмайды. Қарыйдарлар өзи қәлеген машинаны биймәлел минип көрип, жайнап-жаснап сатып алмайды! Қарыйдарды салонда «келиң-келиң», деп, күтип алып, оған кофе демлеп берип, және сол жердиң өзинде жаңа автомобильди қамсызландырыў ҳәм мәмлекетлик белгилерди алыў мәселесин де шешип бермейди.  Қысқасын айтқанда автосалондағы сатыўшылардың хызмети дийқан базарындағы саўдагердикиндей де емес.

Сессияда және декабрь-март айларында машина төлемлерин әмелге асырып, елеге шекем машина ала алмай атырған пуқаралардың да сораўлары  оқып еситтирилди, бирақ шешилмеди.

 

НЕГЕ БИЗ САПАСЫЗ МАШИНАНЫ ҚЫМБАТЫНА САТЫП АЛАМЫЗ

 

«Өзавтосанаат»қа билдирилген наразылықлардан бири сол болды:

«Неге биз сапасыз машинаны қымбатына сатып аламыз! Сырт елде бизиң машиналардан сапалырақ көликлер бираз арзан баҳада сатылады.»

«Өзавтосанаат» АЖ басшысы Шавкат Умурзақовтың айтыўынша, бизде машиналар сапалы ҳәм арзан болыўы ушын оны және де көбирек көлемде ислеп шығарыў керек. Ҳәзир Өзбекстанда жеңил автомобильге болған зәрүрлик 220 мыңды қурайды. Заводтың өндирислик көлеми болса, 140 мыңды қурамақта.

Хош, өндирис көлемин кеңейтиўге бизге не қарсылық етпекте!

 

«МАШИНАНЫ АРЗАНЛАТСАҚ ЗАВОД ЗЫЯН КӨРЕ МЕ!»

 

 

Ш.Умурзақовтың айтыўынша машиналардың баҳасы арзанлатылса, завод зыян көреди. Асака заводының 10 процентлик кредитлери бар, оның үстине, өндирис усы ўақытқа шекем өз зыянына ислеген. Автомобиль санаатын реабилитациялаў ушын баҳаларды 14 процентке қымбатлатсақ, кейин ала 7  процентке шекем арзанлатыў күтилмекте.

Мағлыўмат орнында, ҳәзирги зыян көрейин деп турған автомобиль санааты басшылығындағы айлықлар 2 миллионнан 8 миллионға шекем.

 

МАШИНА ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎДАН ЎАЗ КЕШСЕК БОЛМАЙ МА!

 

Сессия даўамында Өзбекстан машина ислеп шығарыўды тоқтатып, әйне қоңсылас Қазақстан Республикасы сыяқлы импорт автомобильлери ушын бажыхана төлемин арзанлатыў да усыныс етилди. Бирақ бул усыныс Шавкат Бўронович тәрепинен тийкарлы дәлиллер менен бийкар етилди.

 

ҮЛКЕН-ҮЛКЕН ЎӘДЕЛЕР

 

 

«Өзавтосанаат» АЖ басшысы Шавкат Умурзақов 22 жыл даўамында Өзбекстан автомобиль санаатында үлкен машқалалар топланып қалғанын ҳәм оны системалы түрде шешиўге бел байлағанын айтып, үлкен ўәделер берди. Оның айтыўынша, жақын арада автомобиль сатыўда үлкен өзгерислер болады. Яғный қарыйдар Интернет арқалы да автомобильге төлем әмелге асыра алады. Оған сатып алған  автомобилин үйиниң есиги алдына шекем алып келип береди. Жаңа автомобильдиң номер алыў ҳәм қамсызландырыў жумыслары салонның өзинде шешиледи.

Бүгинги күндеги машина сатып алыўдағы машқалалар алдында оның бул ўәделери ертек сыяқлы түйилген болса да – тез арада сондай унамлы өзгерислердиң болатуғынына үмит етемиз.

Және Умурзақовтың сөзлерине қарағанда, бизде интеллектуал потенциал машина ислеп шығарыў бойынша қәнигелер улыўма қәлиплеспеген ҳәм жеткиликли емес. Турин политехника университетиниң оқыў системасы да реформаларға мүтәж.

Жуўмақлап айтқанда, сессияда машина баҳаларының қымбатлаўына 22 жыллық машқала себеп етип көрсетилди ҳәм ендиги жағында арзанлайды деп қалта-қалта ўәделер берилди. 5 литр бензин, сапасыз автомобиль ҳәм «шапка»лар сыяқлы жуўабы табылмаған сораўлар болса «Өзавтосанаат» АЖның жүзиндеги дақлығынша қалмақта.

 

Анора СОДИҚОВА,

ӨзА