«Өзсавтоанаат» басшысы алдын автомобиль сатып алыў ушын 85% төлем төлеген қарыйдарлардың қосымша төлемлерин әмелге асырыўы ҳаққындағы сораўға жуўап берди, деп жазады Kun.uz сайты.

Оның атап өтиўинше, жаңа баҳалар бурынғы шәртнама дүзилген машиналарға әмел етпейди. Жаңа баҳалар рәсмий түрде жәрияланғаннан соң, жаңа шәртнамалар ушын әмел етеди. Алдынырақ автомобиль сатып алыў ушын төлем төлеген қарыйдарлар жаңа баҳадағы үстемелерди төлемейди.

– Алдын төлемди әмелге асырған қарыйдарлар бурынғы баҳаларда автомашиналарды алады. Олар қосымша төлем төлемейди. Соның менен бирге, шәртнамада келтирилген күнде машиналарды алады, – деди Умурзақов.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги