Иорданияның «Бүгинги хабарлар» ҳәм «Жетинши күн» басылымларында Амман Саўда-санаат палатасының баслығы Халил Ҳаж Тавфиқ Өзбекстан менен бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын үйрениў, өз-ара саўда көлемин арттырыў мәселелерине байланыслы пикирлерин билдирген.
Мақалада бул араб мәмлекетиниң елимиздеги елшиси Димай Ҳаддод вице-президентлер Набил Ал-Хатиб ҳәм Баҳжот Ҳамдан ҳәм хаткер орынбасары Фалаҳ Ал-Сағир қатнасыўында болып өткен виртуал ушырасыў ҳаққында мағлыўмат берилген. Сөйлесиў ўақтында Ҳаж Тавфиқ елшихана тәрепинен Өзбекстан базары, экспорт етилетуғын товар ҳәм хызметлер бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилгенин атап өтти.
Палатаның тарқатқан билдириўинде мәмлекетимиз рәсмий делегациясының Амман Саўда-санаат палатасына сапарының жуўмағы талланған. Атап айтқанда, саўда алмасыў көлемин баҳалаў, тосқынлықларды азайтыў, жеке меншик сектор дәрежесинде бирге ислесиўдиң жаңа басқышының өзгешеликлерин баҳалаў мәселелери көтерилгени атап өтилген.
Иорданияның Ташкенттеги елшиханасы өзбекстанлы кәсиплеслери менен «саўда, хызмет көрсетиў, мәлимлеме технологиялары, туризм, транспорт, азық-аўқат ҳәм басқа тараўлардың ўәкиллери қатнасыўында қәнигелестирилген виртуал ушырасыўлар өткериўге келисип алған. Бул сөйлесиўлер мәмлекетимиз базарына шығыўы мүмкин болған ең әҳмийетли товар ҳәм хызметлер, сондай-ақ, Өзбекстанды тартыў имканиятларын анықлаў мақсетин гөзлейди. Иордания рәсмий саўда делегациясының республикамызға сапары мәселеси де додаланды.
Өз гезегинде, елши Ҳаддод Иордания барлық мәмлекетлер менен жақсы қатнас орнатыў тилегинде екени, бул процессте Өзбекстан айрықша орын ийелейтуғыны ҳәм Иордания жеке меншик сектордың еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳәрекетин жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.
Өзбекстан экономикасында аўыл хожалығы, тоқымашылық, кийим-кеншек ҳәм пахта, сондай-ақ, кептирилген мийўе, барлық түрдеги азық-аўқат, фармацевтика санааты менен байланыслылығына тоқтап өтти.
Товар алмасыў көлемин арттырыў жолында айырым тосқынлықлар бар екенлиги, мәселен еки мәмлекет арасында тиккелей ҳаўа қатнаўының жоқлығы айтылды. Ең әҳмийетлиси, бул машқалаларды шешиў мүмкин екенлиги мақулланды.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА