Швейцарияның Женева қаласында парламентлераралық аўқам (ПА)ның 149-ассамблеясы даўам етпекте.
Онда қатнасып атырған Сенат Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы ассамблея шеңберинде шөлкемлестирилген «Тыныш ҳәм турақлы келешек ушын илим, технология ҳәм инновациялардан пайдаланыў» темасындағы дебатқа шықты.
Онда Өзбекстан тәрепинен соңғы жылларда илимди раўажландырыўға қаратылған әмелий жумыслар алып барылып атырғаны, бул бағдарда қысқа ўақыт ишинде көплеген хуқықый ҳүжжетлер қабыл етилгени атап өтилди.
«Өзбекстан – 2030» стратегиясында заманагөй технологияларды жедел енгизиў ҳәм санааттың түрли тармақларын санластырыў тийкарғы бағдарлар қатарында белгилеп берилгени атап өтилди.
Әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесинде Өзбекстан 2023-жылы Глобал инновациялар индекси рейтингинде 2015-жылға салыстырғанда 40 текшеге көтерилгени айрықша атап өтилди.
Дебат даўамында делегациямыз тәрепинен келешекте инновация тараўларын хошаметлеў ҳәм парламентлердиң кадрлар потенциалын арттырыў ҳәм раўажландырыў бағдарында тәжирийбе алмасыў, илим ҳәм технология тараўында глобал сөйлесиўди күшейтиў басламасын алға қойды.
* * *
Женеваға сапар шеңберинде Сенат баслығы Танзила Норбоева ПА Бас хаткери Мартин Чунгонг менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан парламентиниң ПА менен бирге ислесиў қатнасықлары, келешектеги режелери көрип шығылды.
Соның ишинде, 2025-жылы Өзбекстанда болып өтетуғын ПАның 150-ассамблеясына таярлық көриў мәселелери додаланды.
М.Чунгонг Өзбекстан қысқа ўақыт ишинде үлкен раўажланыў нәтийжелерине ерискенин, Ташкентте ПАның 150-юбилей ассамблеясының өткерилиўи нәтийжели парламентлераралық бирге ислесиўдиң логикалық даўамы болатуғынын атап өтти.
Сөйлесиў даўамында 150-ассамблея тарийхый әҳмийетке ийе болатуғыны, Өзбекстан парламенти тәжирийбесиниң үлгили тәреплерин басқа мәмлекетлерге көрсететуғыны атап өтилди.
Соның менен бирге, Турақлы раўажланыў мақсетлеринде нәзерде тутылған гендер теңлик, социаллық қорғаў, инсан хуқықларын тәмийинлеў бағдарында парламенттиң тутқан орнын және де күшейтиў мәселелери итибар орайында болды.
Н.Абдураимова, ӨзА