Ташкент қаласында Қарақалпақстанды экологиялық қайта тиклеўге бағдарланған Aral Sea GRIP жойбарына арналған әҳмийетли семинар-ушырасыўы болып өтти. Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Қосназаров қатнасты.
Жойбар Глобал Жасыл Өсиў Институти (GGGI) тәрепинен KOICA ның қаржыландырыўы шеңберинде әмелге асырылып атыр. Бүгинги күнге шекем Өзбекстандағы экологиялық басламалар ушын жәми 1 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы қаржы бағдарланған.
― Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстанда фермерлер ҳәм кәрханалар арасында жасыл технологияларды енгизиў бағдарындағы илажларда белсене қатнаспақта. GGGI ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте биз орынларда көргизбелер, ушырасыўлар ҳәм көшпели семинарлар шөлкемлестирип атырмыз. Бунда қатнасыўшылар климатқа шыдамлы заманагөй техникалар ҳәм жаңа жойбарлардың әмелде тиккелей гүўасы болып атыр. Шөлкемлестирилип атырған илажлар тек ғана инновацияларды әмелге енгизип қоймастан, исбилерменлер, фермерлер ҳәм халықаралық шериклер арасында байланысларды беккемлеўге жәрдем берип атыр,-дейди басқарма баслығының орынбасары М.Қосназаров.
Сондай-ақ, Саўда-санаат палатасы фермерлерди қаржыландырыў имканиятлары ҳаққында хабардар етиўде, жасыл бизнес стандартларын әмелге енгизиў бойынша усыныслар ислеп шығыўда ҳәм банклер менен бирге ислесиўди тәмийинлеўде белсендилик көрсетип келмекте.
Aral Sea GRIP жойбары Қарақалпақстанның экологиялық турақлылығын сақлаў жолындағы үлкен адым. Алдағы ўақытларда Саўда-санаат палатасы тәрепинен фермерлер ҳәм исбилерменлер ушын жаңа имканиятларды жаратыў, аймақты “жасыл” экономикаға айландырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында илажлар даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги