1992-жылда БМШ Бас ассамблеясында 3-декабрь -халықаралық майыплар күни сыпатында белгиленди ҳәм соннан баслап бул сәне пүткил дүнья бойлап кең түрде белгиленип келинбекте. Бундағы тийкарғы мақсет болса,  имканияты шекленген заманласларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат болып табылады.

Соңғы жыллары мәмлекетимизде инсан қәдири, оның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж пуқараларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.

Бул бағдарда барлық пуқараларымыз сыяқлы,  имканияты шекленген ўатанласларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша кеўил бөлинбекте.

Сәне мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында байрам илажы болып өтти.

Илажға район ҳәкими А.Камалов ҳәм сектор баслықлары қатнасып,  илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, мәмлекетимизде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.

Байрам илажында бир қатар қатнасыўшыларға естелик саўғалар тапсырылып, районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Сондай-ақ, усы күни район ҳәкими А.Камалов  «Инсан» социаллық хызметлер орайы басшылары менен биргеликте райондағы имканияты шекленген пуқаралардың шаңарақларынан хабар алып, оларға реабилитация буйымларын тапсырды.

Әлбетте, пуқараларға көрсетилип атырған бундай итибар ҳәм ғамқорлықлар елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың айқын көриниси болып табылады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы