Инсан қәдири барлық нәрседен үстин туратуғын мәмлекетимизде ҳәр бир пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж инсанларға ғамхорлық көрсетиў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған. Президентимиздиң айрықша итибары менен имканияты шекленген инсанларға жәрдем бериў, оларды жәмийетимиздиң белсенди ағзасына айландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып, оларға бир қатар мүмкиншиликлер жаратылып келинбекте.
Бүгин, пайтахтымыздағы «Алтын сарай» ресторанында «3-декабрь-Халықаралық имканияты шекленгенлер күни» мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, мәмлекетимизде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмайтуғынлығын атап өтти.
Байрам илажында шөлкемлестириўшилер тәрепинен қатнасыўшыларға саўғалар тапсырылды.
-Екинши топар майыбы болыўыма қарамастан Қоңырат районында тигиў цехын ашып имканияты шекленген бес ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге еристим. Балам да балалықтан биринши топар майыбы. Имканияты шекленген менен барлық нәрседен бос қалды деген сөз емес. Мине, мәмлекетимизде бизлерге қаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланып, халыққа хызмет етип атырмыз. Бүгин байрам мүнәсибети менен бизлерге қаратылып атырған итибардан кеўлимиз толмақта,-дейди қоңыратлы исбилермен Шынар Узақбаева.
Илаж даўамында көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға хош кейпият инам етти.
Г.Турдышова,
Қарақалдпақстан хабар агентлиги шолыўшысы