Нызам темир жол транспорты тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
Оған бола, темир жол транспорты жумысы төмендеги тийкарғы принциплерден ибарат болды:
– нызамлылық;
– қәўипсизлик;
– ашық-айдынлық;
– турақлылық;
– экологиялық жақтан тазалық;
– темир жол транспорты хызметлериниң қолайлығы ҳәм сапасы;
– темир жол транспорты инфраструктурасынан пайдаланыўдағы теңлик;
– темир жол транспорты инфраструктурасының пүтинлиги ҳәм үзликсиз ислеўи.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахслары темир жол транспорты хызметкерлериниң тасыў процеси менен байланыслы жумысына араласыўға ҳәм оларды басқа жумысларға тартыўға ҳақылы емес екенлиги белгиленди.
Темир жол қатнаўлары ҳәм тасыўлар төмендеги түрлерге бөлинди:
– ишки қатнаўлар;
– халықаралық қатнаўлар;
– тиккелей аралас қатнаўлар;
– транзит тасыўлар;
– арнаўлы тасыўлар.
Жолаўшы өзи менен бирге өз алдына орын берилмеген ҳалда бес жасқа шекемги бир баланы, 36 килограммнан артық болмаған қол жүгин ҳәм майыплығы болған шахслар қосымша түрде жеке пайдаланыў ушын мөлшерленген техникалық жәрдемши (компенсаторлы) қуралларды ҳәм арнаўлы ҳәрекетлениў қуралларын бийпул алып жүриў ҳуқықына ийе.
Улыўма пайдаланыўдағы темир жол транспортында төмендеги тасыў тарифлериниң түрлери қолланылады:
– жүклерди тасыў тарифлери;
– жолаўшыларды тасыў тарифлери;
– багаж ҳәм жүк багажын тасыў тарифлери;
– почта ҳәм курьерлик посилкаларды тасыў тарифлери.
Тәртип темир жол транспорты хызметкерлериниң тәртиби ҳаққындағы реже менен тәртипке салынатуғыны белгиленди.
Тасыў процесин орайластырылған ҳалда үзликсиз басқарыўды тәмийинлеў мақсетинде, олардың жайласқан жерине қарамастан, мәмлекетте әмел етиўши бирден-бир есаплаў-есабат ўақты – Ташкент ўақты белгиленеди.
Бул Нызам 2025-жыл 1-январьдан баслап күшке киреди.
Нызамның 1-29, 31-57-статьялары усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап алты ай өткеннен соң әмелге киргизиледи.
ӨзА