Қубла Корея жазыўшысы Хан Канг әдебият бойынша Нобель сыйлығын «тарийхый жарақатларға қарсы туратуғын ҳәм инсан өмири нәзиклигин көрсетиўши күшли қосықлы прозасы ушын» қолға киргизди.
Швеция академиясы жанындағы Нобель комитети бул жазыўшы ҳаял 1970-жылы мәмлекет қубласындағы Кванжу қаласында туўылғаны, соң Сеулге көшип өтип, пүткил өмирин әдебият, көркем өнер ҳәм музыкаға бағышлағанын атап өтеди.
Комитет баслығы Андерс Олссон былай дейди:
– Ол дене ҳәм руўҳ, тири ҳәм жансыз дене арасындағы байланысты терең аңлаған ҳалда, өзине тийисли қосық усылы менен заманагөй прозада новаторға айланды.
Кейинги жыллары әдебият бойынша Нобель сыйлығы мәселесинде Европа ҳәм Арқа Америка жазыўшыларына итибардың күшейиўи, инглиз тили қоллап-қуўатланыўы көп сынға алынды.
2023-жыл жағдайына бола, бул утыс инглиз тилинде жазыўшы лауреатларға 29, «француз»ларға 16, немис тилинде сыйлық алып баратуғын жазыўшыларға 14, испанша дөретиўшилик ететуғын авторларға 11 мәрте тапсырылған. Алдыңғы лауреатлар қурамында қосықшы ҳәм шайыр Боб Дилан, британиялы сиясатшы ҳәм тарийхшы Уинстон Черчилль ҳәм америкалы жазыўшы Тони Моррисон да бар.
Сондай-ақ, 1901-жылы шөлкемлестирилгенинен берли әдебият жеңимпазлары арасында еркеклер айқын үстинлик еткени де тез-тез келиспеўшилик келтирип шығарады. Яғный, ҳәзирге шекем тән алынған 120 әўметлиниң тек 18 и ҳаял.
Мусулмон Зиё, ӨзА