Бизге белгили, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, имканияты шекленгенлер, әсиресе, майыплығы болған ул-қызларға жәрдем көрсетиў мәмлекетимиздиң турақлы итибарында.
Усы бағдарда, халықаралық шөлкемлер менен бирге түрли жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Америка Қурамалы Штатлары Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) ҳәм «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды ҳәм бир қатар министрлик, уйымлар менен биргеликте әмелге асырылып атырған гезектеги бағдарлама шеңберинде бүгин республикамызға 435 мың доллар баҳасындағы азық-аўқат өнимлери жәрдеми жеткерилди.
Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы 77-санлы көриўинде нуқсаны бар балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернатта қайырқомлық илажы шөлкемлестирилди.
Тийкарғы интакер структуралардан тысқары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлери, АҚШтың мәмлекетимиздеги елшиханасының ўәкиллери де қатнасқан мәресимде мәмлекетимизде жалғыз қариялар, майыплығы болған шахслар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмаққа мүтәжлилигин қанаатландырыўға айрықша итибар көрсетилип атырғаны атап өтилди.
Овощ ҳәм собықлы егинлердиң пайдалы араласпасынан ибарат бул жәрдем топламы кем тәмийинленген халық қатламына жеткерилиўи ушын денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық жәрдем мәкемелерине тарқатылады.
Жойбар арқалы 145 ден аслам денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық жәрдем мәкемеси, соның ишинде, туберкулез кеселлиги менен аўырған наўқасларды узақ мүддетли емлеў орайлары, меҳрибанлық үйлери ҳәм руўхый саламатлық мәкемелериндеги 33 мыңнан көп инсанға жәрдем көрсетиледи.
– «Дүнья ушын азық-аўқат» бағдарламасының бир бөлеги сыпатында жолға қойылған бул бағдарлама ашлық ҳәм тойып аўқатланбаў жағдайын азайтыў, мүтәж инсанларды жетерли, қәўипсиз ҳәм тойымлы азық-аўқат пенен тәмийинлеў бойынша мәмлекетлер менен бирге ислесиўимизге мысал болады, – дейди USAID ўәкили.
Ҳәзирги күнде структура ҳүкиметтиң мәмлекет экономикасы диверсификациялаў етиў, регионаллық саўданы кеңейтиў, халықтың саламатлығына әҳмийетли қәўип-қәтерлерди сапластырыў ҳәм тийисли қатламның мүтәжлигин қанаатландырыў потенциалын арттырыў мақсетинде бирге ислеспекте.
Гўзал Сатторова, Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА