Президентимиздиң басламасы менен республикамызды, соның ишинде, Мойнақ районын раўажландырыў бағдарында бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, халықтың турмысын жақсылаў, бәнтлигин тәмийинлеў, абаданлығын арттырыўға қаратылған көплеген илажлар әмелге асырылмақта.
Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе «1 сотих қыйтақ жерден кеминде 1-2 миллион сум дәрамат» принципи тийкарында аймақ турғынлары ушын бизнес-режелер ислеп шығылып, мәҳәлледеги агрономлар менен бирге берилген техникалардан утымлы пайдаланылып, қыйтақ жерлерди қайта ислеў ҳәм егин егиў жумыслары жолға қойылды. Сайхунабад тәжирийбеси жерден еле де нәтийжели пайдаланыў, дийқанлар ушын базар табыўға көмеклесиў, исбилерменлерди сапалы туқым ҳәм төгинлер менен тәмийинлеў, олардың экспортына әмелий жәрдем бериў, жер майданларын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли реформаларды өз ишине алады
– Районда әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде көплеген жумыс орынлары жаратылмақта,-дейди Мойнақ районы ҳәкиминиң орынбасары Қ.Хожалепесов. – Қызыл жар АПЖ аймағында «Мойнақ эко инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети иске түсип, бир қатар район турғынлары ушын турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс орынлары ашылды.
Усы жерде бир қатар бос жумыс орынларына жумысшылар керек екенин де атап өтпекши едим. Атап айтқанда, «Мойнақ эко инвест» ЖШЖға 4 жалланба жумысшы ҳәм 1 тракторшы керек. Мийнет ҳақысы 2 миллион сумнан басланып, 5 миллион сумға шекем төленеди. Сондай-ақ, «Севинч Сарварбек» фермер хожалығына 3 жалланба жумысшы керек. Мийнет ҳақысы 1 миллион 200 – 1 миллион 800 мың сумды қурайды. «Арал лидер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине де 3 жумысшы зәрүр. Мийнет ҳақысы 1,5-2 миллион сум.
Ал, Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Мойнақ агро дийқан» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 2 жумысшы керек. Мийнет ҳақысы 2 миллион сум. Дослық мәкан пуқаралар жыйынындағы «Мойнақ агро тестиль» жуўапкершилиги шекленген жәмийети де 50 тигиўши ҳаял-қызларды жумысқа шақырады. Ондағы мийнет ҳақысы келисилген ҳалда төленеди ҳәм алыс аймақтан қатнап ислеўшилердиң келиў қәрежети қаплап бериледи. Түслик аўқат кәрхананың ишинде шөлкемлестирилген ҳәм тигиўшиликке қызығыўшы, соның менен бирге, сол жерде ислеўди қәлеўши ҳаял-қызларға тигиўшилик жумыслары да үйретиледи.
Соның менен бирге, райондағы “Orol artemiya sanoati” мәмлекетлик мәкемеси пуқаралық хуқықый шәртнама тийкарында ер адамларды мәўсимлик жумысқа қабыл етпекте. Ҳүжжетлер 23-сентябрь күнинен баслап қабылланбақта. Бул жерге жумысқа қабыллаўда орынлардың саны шекленбеген.
Буларды айтып атырғанымыздың себеби, районда соңғы жылларда жаңадан ашылып атырған кәрхана ҳәм шөлкемлердиң саны көбейип, жумыс ислеймен деген адамға барлық мүмкиншилик бар. Исбилерменлик пенен шуғылланаман, өзимди өзим бәнт етип қосымша дәрамат табаман, деген адамларға да кең мүмкиншиликлер жаратылған. Жоқарыда аты аталған жумыс орынларына тек районда жасаўшы емес, қоңсы районлардан да жумысшылар қабыл етиледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги