Өзбекстанда дипломлар қосымша тест ҳәм имтиханларсыз тастыйықланыўы ушын оқыў орынлары бирнеше талапларға жуўап бериўи керек. Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының баслығы Улуғбек Тошкентбаев мәлим етти, деп жазады Daryo.uz Sputnik басылымына тийкарланып.

– Егер студент дүнья рейтингинде ТОП-500 ге киретуғын оқыў орны ямаса Өзбекстан менен келисимге қол қойған университетти питкерген болса, имтиханларсыз тастыйықлаўшы дипломға ийе болады, – деди Тошкентбаев.

Оның айтыўына қарағанда, ҳәзирги ўақытта бул шеңберди дүнья рейтингиндеги ТОП-1000 ға шекем кеңейтиў ҳаққындағы усыныс көрип шығылмақта.

Жоқарыдағы талапларға туўра келмейтуғын жағдайда питкериўши дипломды тастыйықлатыў ушын аўызеки имтихан тапсырыўы керек болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги