Шымбай районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша исбилерменлер менен ушырасыў болып өтти.
Онда инвестициялық жойбарларды иске түсириў, локализацияластырыў бағдарламасына киргизилген ҳәм экспортёр кәрханаларға әмелий жәрдемлер көрсетиў, санаат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың толық қуўатлылықта ислеўин тәмийинлеў мәселелери талқыланды.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир, Қараөзек, Бозатаў, Кегейли ҳәм Шымбай районларындағы исбилерменлердиң жумысларында айырым тараў жуўапкерлериниң өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ҳәм басқа да себеплерге байланыслы ушырасып атырған машқалалар бойынша өз-ара пикирлесип, аймақлардағы елимиз экономикасына унамлы тәсир ететуғын ҳәр қандай исбилерменлик жойбарлары бәрқулла қоллап-қуўатланатуғынлығы айрықша атап өтилди.
Ушырасыў даўамында бүгинги күнде исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар тыңланып, билдирилген мүрәжатлердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди.
Ал, ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги