«Өзавтотранс» агентлигиниң баслығы Даврон Деҳқонов 2018-жылдың январь-июнь айларындағы исленген жумыслардың жуўмақларына бағышланған баспасөз конференциясында Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаятлардың орайларындағы 3500 автобусқа электрон төлеў ҳәм GPS системаларының орнатылыўы ҳаққында айтып өткен. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Бул ҳәр тәреплеме пайдалы болады. Себеби, электрон төлеў арқалы нақ пул жетиспеўшилиги, пуллардың банк арқалы айланбаўы сыяқлы машқалалар бираз болса да шешиледи. Ал GPS системасы арқалы автобуслардың жөнелис даўамындағы ҳәрекети қадағаланады. Бирақ, мәселениң және бир тәрепи бар. Ол да ҳәммемизге белгили машқала – Нөкис қаласында жөнелисли автобуслардың оғада аз екенлиги, еле де анықлаў етип айтқанда, дерлик жоқ екенлиги. Бәлким, бул системалар енгизилгеннен кейин көбейип қалар… Күтемиз.

Сондай-ақ, жәмийетлик автотранспортлардың жөнелислерде ислеўин қадағалаў мақсетинде «Бирден-бир диспетчерлик орайы системасы»н енгизиў бойынша илажлар көрилмекте.

Бул жойбар шеңберинде 5 миллиард сумм қаржы өзлестирилиўи режелестирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.