Ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев Телеграм тармағындағы өзиниң жеке каналында «Егер «ДТМ руқсатнамасы» 29-31-июль күнлери аралығында тарқатылса, Ташкент қаласына ўәлаяттан келип ҳүжжет тапсырған абитуриент руқсатнаманы алса, бирақ оның тапсырған қәнигелиги бойынша тест сынақлары 14-август күни болып өтетуғын болып қалса, абитуриент не ислеўи керек?» мазмунындағы сораў менен арнаўлы орынларға мүрәжат еткен еди.

Ҳуқықтаныўшы бул мәселеге алдынырақ Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажит Каримов тәрепинен анықлық киргизилгенин жәриялады.

– «ДТМ руқсатнамасы» жоқары оқыў орынлары тәрепинен бериледи. Биз барлық мағлыўматларды киргизип PDF форматында электрон тәризде усынамыз, олар буны басып шығарып, абитуриентлерге тарқатады. Тарқатыў тәртиби 29-30-31-июль күнлерине белгиленген. Руқсатнамаларды тест болып өтетуғын павильонлардың алдында тарқатыў режелестирилген. Улыўма алғанда «ДТМ руқсатнамасы»н тест күнине 2 күн қалғанға шекем алыўға да болады, машқала жоқ, – деп айтып өткен Мажит Каримов.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.