GM Uzbekistan тәрепинен Өзбекстан базары ушын ислеп шығарылып атырған автомобильлердиң баҳасы көтериледи. Бул ҳаққында «Халқ сўзи Online»ға «Өзавтосанаат»тағы дәрек хабар берди, деп жазады Daryo.uz сайты.

Мағлыўматта жазылыўынша, жаңа баҳалар жаңа ҳәптеден баслап енгизилиўи күтилмекте. Ҳәзирше баҳалар шама менен 10-12% ке қымбатлаўы айтылмақта.

– Ҳәзирше анық муғдары белгили емес. Бирақ, баҳалардағы 10-12% ти қураўы режелестирилмекте, – деп айтып өткен дәрек.

Мағлыўмат ушын, буннан бир күн алдын компанияның Россия базары ушын шығарылатуғын Ravon брэнди автомобильлериниң үшеўинде баҳалар көтерилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги