Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында мәмлекетимиз дөретиўшилериниң Корея Республикасы жазыўшы ҳәм шайырлары менен ушырасыўы болып өтти.

Кореялы дөретиўшилер пайтахтымыздағы Жазыўшылар бағына барып, Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойды.

Сапар алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қурылған Жазыўшылар бағы, миллий әдебиятымыз көрнекли ўәкиллериниң естеликлери, устаз жазыўшылардың өмири ҳәм жумысы ҳаққында сырт елли мийманларға толық мағлыўмат берилди.

Жазыўшылар аўқамы имаратында китаплар ҳәм белгили фотодөретиўши Аҳмаджон Эргашев сүўретлеринен ибарат көргизбе шөлкемлестирилди.

Дөретиўшилик сәўбет даўамында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид ҳәм басқалар жаңаланып атырған Өзбекстанда әдебият, илим, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўына әҳмийетли итибар қаратылып атырғаны, түрли миллет ҳәм халық ўәкиллериниң еркин, нәтийжели дөретиўшилик етиўи ушын барлық шараятлар жаратылғанын атап өтти.

– Бундай дөретиўшилик ушырасыўлар әдебий байланысларды және де көтериўге хызмет етеди, – деди Сирожиддин Саййид. – Президентимиздиң «Әдебият – халықтың жүреги» деген сөзлерин бүгин дөретиўшилер өз жумысымыз ушын сүрен етип алғанбыз. Европа мәмлекетлери, АҚШ, түркий мәмлекетлерде де аўқамның ҳүрметли ағзалары бар. Аўқамымыз ағзалары түрли миллет ўәкиллеринен ибарат болып, олар арасында корейс миллети ўәкиллери де барлығы итибарға ылайық екенлигин атап өтиў керек.

Ушырасыўда өзбек ҳәм корейс мәдениятын жырлайтуғын әдебий музыкалы шығыўлар көрсетилди.

– Мен Өзбекстан ҳаққында бир неше китаплар жаздым, – деди кореялы жазыўшы ҳәм журналист Чо Чёл Хён. – Бул китаплар Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев, оның басламасы тийкарында мәмлекетиңизде болып атырған жаңаланыў процесслери, бул диярда жасап атырған корейс диаспорасы, мәмлекеттиң өзине тән миллий келбети, раўажланыў қәдемлерине бағышланады. Бундай әдебий байланыслар жазыўшы ҳәм шайырларымыз арасындағы бирге ислесиўдиң барған сайын кеңейиўинде әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Әдебий әнжуманда сырт елли мийманлар тәрепинен айтылғанындай, 1937-жылы Өзбекстанға көширип келинген корейслер теберик мәканымызда турақ жай, ырысқы-несийбе, екинши Ўатанға ийе болды. Ең аўыр ҳәм сынақлы жылларда өзбек халқы олар менен соңғы бир бөлек нанын бөлисти, ең тийкарғысы меҳир ҳәм жақсылық көрсетти. Бүгин мәмлекетимизде дөретиўшилик етип атырған зиялылар қурамында корейс миллетине тийисли дөретиўшилер де оғада көп.

– Өзбек халқы менен айырмашылығымызға қарағанда, уқсас тәреплеримиз жүдә көп, – деди өзбекстанлы жазыўшы ҳәм журналист Владимир Ким. – Бул уқсаслық үлкенлерге ҳүрмет, мийнетти сүйиў, дәстүр ҳәм үрп-әдетликке садықлықта айқын көзге тасланады. Бизден меҳрин аямаған Өзбекстан пуқарасы, сол мәмлекеттиң перзенти екенимнен жүдә мақтанаман.

Әдебий сәўбет даўамында өзбек ҳәм корейс шайырларының дөретиўшилигинен үлгилер еки халықтың ана тиллеринде жаңлады. Өзбекстанлы қосықшылардың атқарыўында еки халықтың қосықлары айтылғаны илаж қатнасыўшыларына және де көбирек қуўаныш, заўық бағышлады.

Әнжуман шеңберинде еки халық жазыўшылары арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа перспективаллары белгиленди.

Мийманлар пайтахтымыздағы жаңаланыў процесслери менен танысып, дыққатқа ылайық орынлар, тарийхый естеликлерге саяхат етти.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзА хабаршысы