Бүгин Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Өзбекстандағы ири онлайн-ритейлер «Wildberries» ўәкилханасы менеджери Тимур Закиров пенен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Басқарма баслығының орынбасарлары М. Косназаров ҳәм А. Аманбаевлар қатнасып, елимизде ислеп шығарылып атырған өнимлерди дүнья базарларына алып шығыў бағдарында бирге ислесиў ҳәм алдағы режелер бойынша сөйлесиў алып барды.
Буннан тысқары, қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын өз өнимлерин Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Белорус ҳәм Армения базарларына жеткерип бериў ҳәм «Wildberries» платформасы арқалы экспорт етиў имканиятлары додаланды.
Мағлыўмат ушын, россиялы онлайн-ритейлер «Wildberries» 2004 – жылы шөлкемлестирилген. Компания кийим-кеншек, аяқ кийим, аксессуарлар, косметика өнимлери, балалар ойыншықлары, турақ жай ушын товарлар, китаплар ҳәм электроника сатыў менен шуғылланады. Россиядан тысқары, «Wildberries» Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Белорус ҳәм Армения мәмлекетлеринде де жумыс алып барады.
Саўда-санаат палатасы тәрепинен әмелге асырылып атырған усындай басламалар елимизде киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға ҳәм олар ушын жаңа қарыйдарлар табыўға кең имканиятлар есигин ашады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги