2024-жыл 30-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў сегизинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Олий Мажлис Сенатының елиў сегизинши жалпы мәжилисинде дәслеп «Креатив экономика ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бул нызам менен креатив экономиканы қоллап-қуўатлаў, раўажландырыў ҳәм тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыў нәзерде тутылып, онда креатив экономика тараўлары сыпатында 15 бағдар белгиленбекте.

Ҳүжжетте креатив экономика бойынша мәмлекетлик сиясаттың әмелге асырылыў механизми, Министрлер Кабинетиниң, министрлик, уйымлар ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының тараўға байланыслы кепилликлери белгилеп қойылмақта.

Креатив экономиканы раўажландырыў бойынша республикалық кеңес шөлкемлестирилиўи, бул кеңес жәмийетшилик тийкарында жумыс алып баратуғын мәсләҳәт уйымы есапланатуғыны нәзерде тутылмақта.

Нызам тийкарында экономика ушын зәрүр инфраструктура жаратыў  ҳәм қоллап-қуўатлаў механизмлери, атап айтқанда, креатив индустриялар парки ҳәм кластерлери, санлы платформалар, арт-резиденциялар, креатив индустрия орайлары, инновациялық үскенелер ҳәм технологиялар, санлы бағдарламалар ҳәм платформалар жаратылыўы ҳәм креатив индустриялар паркиниң ўазыйпалары белгиленбекте.

Соның менен бирге, нызам тийкарында ишки ҳәм сыртқы базарларда креатив индустрия тараўларындағы  жойбарларды жаратыў, ислеп шығарыў ҳәм алға қойыў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў мақсетинде креатив экономиканы қоллап-қуўатлаў қорлары шөлкемлестирилиўи ҳәм усы қорлардың қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленбекте.

Креатив индустриялардың республика экономикасына үлесин анықлаў мақсетинде статистикалық көрсеткишлерди қәлиплестириў ҳәм креатив экономиканы раўажландырыўда миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды есапқа алыў, мәдений мийрасты сақлаў нызам дәрежесинде белгиленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи Өзбекстан Республикасының Глобаллық инновациялар индексиндеги орнын арттырыўға, креатив индустрия тараўындағы инновациялық идеялар ҳәм жойбарларды раўажландырыўға, мәденият ҳәм мийрасты ғалаба ен жайдырыў, халықаралық ҳәм ишки туризмди раўажландырыўға қаратылған креатив өнимлер ҳәм хызметлерди сатыў ушын шараятлар жаратыўға хызмет етеди.

Сенаторлар бул нызамның әҳмийетлилиги ҳәм зәрүрлигин итибарға алып, оны мақуллады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте сенаторлар «Аўыл хожалығы кооперативи ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызам менен аўыл хожалығы кооперативлерин шөлкемлестириў, кооператив ағзалығына қабыллаў, қадағалаў, сыртқы аудит, басқарыў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў бойынша, сондай-ақ, мәмлекет ҳәм кооперативлер арасындағы қатнасықлар тәртипке салынбақта.

Кооператив аўыл хожалығы жумысын әмелге асырыў ушын пай усылына ҳәм физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ықтыярлы түрде бирлесиўине тийкарланған еркин коммерциялық шөлкем екенлиги нызамлы түрде белгиленбекте.

Соның менен бирге, аўыл хожалығы кооперативи кеминде жети физикалық ҳәм (яки) юридикалық тәреплерден ибарат қурамда шөлкемлестиретуғыны нәзерде тутылмақта.

Нызамда аўыл хожалығы коопреативиниң басқарыў уйымлары, соның ишинде, улыўма мәжилис, кооперативлик басқарыў, бақлаў кеңесиниң анық ўазыйпалары, ўәкилликлери, ҳуқық ҳәм миннетлемелери беккемленбекте.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы кооперативине ағзалыққа кириў ҳәм оннан шығыў, кооператив ағзаларының ҳуқықлары менен миннетлемелери, олардың есабын жүргизиў, пай төлемлерин төлеўге байланыслы нормалар ҳүжжетте өз көринисин тапқан.

Буннан тысқары, кооперативлерге аўыл хожалығы тараўында хызметлер көрсетиў менен бир қатарда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм реализациялаў, сондай-ақ, нызамларда шекленбеген басқа жумыс түрлери менен шуғылланыў ҳуқықы берилмекте.

Нызамда мәмлекет тәрепинен аграр-экономикалық сиясат жәрдеминде коопретивлердиң жумысы ушын қолайлы орталықты тәмийинлеў, олардың жумысын хошаметлеўши ҳәм қоллап-қуўатлаўшы мақсетли бағдарламаларды ислеп шығыў, аўыл хожалығы кәрханаларына берилип атырған жеңилликлерден толық пайдаланыў имканиятын жаратыў, банк кредитлеринен ҳәм басқа қаржылай ресурслардан пайдаланыўда жәрдемлесиў нәзерде тутылған. Кооперативлерди экономикалық, социаллық, аймақлық ҳәм жәмийетлик жақтан раўажландырыў бойынша қоллап-қуўатлаў мәселелерине де айрықша итибар берилген.

Нызамның қабыл етилиўи аўыл хожалығы менен шуғылланыўшы субъектлердиң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлейди, өз басламасы менен аўыл хожалығы кооперативлерин шөлкемлестириў, оларды профессионаллық ҳәм демократиялық жол менен басқарыў ҳәм аўыл хожалығында табыслы жумыс алып барыў имканиятын береди.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз аўыл хожалығында раўажланып киятырған заманагөй кооперативлердиң жумысы тәртипке салынады ҳәм олардың ҳуқықый кепиллиги жаратылады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен «Темир жол транспорты ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Нызамда темир жол транспорты системасы заманагөй базар модели талапларына муўапықластырылмақта.

Бул ҳүжжет транспорт тараўында экономикалық реформаларды тереңлестириў, исбилерменлик жумысы ушын шараятлар жаратыў, сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў ҳәм темир жол транспорты тасыўлары тараўында халықаралық бирге ислесиўди жетилистириўге қаратылған.

Нызамда «темир жол транспорты» түсиниги қайта көрип шығылып, жаңа редакцияда көрсетилмекте. Онда республиканың темир жол транспорты улыўма пайдаланыўдағы ҳәм улыўма пайдаланыўда болмаған темир жол транспортына ажыратылмақта.

Улыўма пайдаланыўдағы темир жол инфраструктурасынан пайдаланыў тәртиби ҳәм инфраструктура операторының жумысы тәртипке салынбақта ҳәм тасыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелери беккемленбекте.

Нызам менен темир жол транспортында базар принциплери тийкарында еркин қәлиплестирилетуғын тарифлер анық белгиленип атырған болып, оған бола, жүк вагонларын усыныў, жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын ҳәм тез жүретуғын поездларда жолаўшыларды тасыў хызметлери тарифлерин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў әмелиятынан ўаз кешилип, базар принциплери тийкарында тәртипке салыў механизми енгизилмекте.

Баҳалары мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын жергиликли жөнелислерде жолаўшыларды тасыў хызметлерин (жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын ҳәм тез жүретуғын поездларда жолаўшыларды тасыўдан тысқары) көрсетиўден көрилген зыянларды Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсациялаў тәртиби енгизилмекте.

Темир жол инфраструктурасын раўажландырыўға инвестициядарды кеңнен тартыўдың анық бағдарлары нызамда белгиленип, улыўма пайдаланыўдағы ҳәм улыўма пайдаланыўда болмаған темир жоллар ҳәм вокзалларды қурыў ҳәм реконструкциялаўды қаржыландырыў дәреклери анық атап өтилмекте.

Нызам менен темир жолда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары жаратылмақта. Министрлер Кабинети, Транспорт министрлиги ҳәм Транспорт инспекциясы кепилликлери анық белгилеп берилмекте.

Нызам тараўда бәсекилесиў орталығын жаратыў, пуқаралардың темир жол транспортында ҳәрекетлениўинде сапа дәрежесин арттырыў, жолаўшы ҳәм жүклерди қәўипсиз тасыўға болған талапларын қанаатландырыў ҳәм темир жол транспорты тасыўлары тараўында халықаралық бирге ислесиўди қәлиплестириўге хызмет ететуғыны  атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен  мақулланды.

Соның менен бирге, Сенаттың елиў сегизинши жалпы мәжилисинде «Қазақстан Республикасы, Қырғыз Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында жасларға байланыслы сиясаттың улыўма бағдарлары ҳаққындағы Келисимди (Душанбе, 2023-жыл 14-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам додалаў орайында болды.

Соңғы жыллары Өзбекстанда жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели алып барылыўы, жаслардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери тәмийинленбекте.

Жасларды ҳәр тәреплеме социаллық-экономикалық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, ашық ҳәм сапалы билим алыўы, дөретиўшилик, интеллектуаллық ҳәм басқа бағдардағы потенциалын жетилистириўге айрықша итибар қаратылып, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын жетерли шараятлар жаратып берилмекте.

Атап өтилгениндей, бул Келисимди қабыллаў басламасы 2022-жыл 21-июльде Шолпан-Атада өткерилген Орайлық Азия мәмлекет басшыларының IV мәсләҳәт ушырасыўында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған.

Нызамда жаслардың қатнасыўында ғалабалық илажлар, жойбарлар, жаслар лагерлери, мәмлекетлераралық жаслар акциялары, семинарлар, ашық клублар, дөгерек сәўбетлери, жаслар форумлары ҳәм региондағы жаслар сиясатының әҳмийетли мәселелерине бағышланған конференцияларды шөлкемлестириўге жәрдемлесиў сыяқлы мәселелер нәзерде тутылмақта.

Нызамның қабыл етилиўи Орайлық Азия мәмлекетлериниң жаслар сиясаты тараўында шериклик қатнасықларын раўажландырыўға имканиятлар жаратады ҳәм региондағы жаслар арасындағы тығыз бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгаши қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 6 мәселе, соның ишинде, 5 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў сегизинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

                                                                                      Өзбекстан Республикасы

                                                           Олий Мажлиси Сенаты    

                                                                            Мәлимлеме хызмети