1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен республикамыздың барлық аймақларында халық билимлендириўи тараўында көп жыллар мийнет етип, жасларды миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм Ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, келешек әўладтың ҳәр тәреплеме кәмил инсан болып жетилисиўи ушын пидайы хызмет еткен бир қатар нураний устазларға ҳүрмет көрсетилди.

Солардың қатарында Кегейли районы ҳәкими Айбек Камалов та райондағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 40 жылдан аслам ўақыт жасларға билим берген, көплеген шәкиртлердиң устазы Генжебай  Наўрызбаевтың шаңарағында болып, нураний устазды кәсиплик байрамы менен қутлықлады ҳәм оған байрам саўғаларын тапсырды.


Өз гезегинде нураний устаз Генжебай  Наўрызбаев та өзине көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм иззет ушын район басшыларына рахмет айтып, оларға өз алғысын билдирди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы