Қараөзек районында мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги болған кәмил инсанларды тәрбиялап жетилистириўге өзиниң барлық өмирин арнаған инсанлар яғный, муғаллим ҳәм қәдирли устазлар күнине бағышланған байрам кешеси болып өтти.

Байрам  салтанатына  район ҳәкими, билимлендириў тараўы хызметкерлери, нуранийлер қатнасты.

Онда район ҳәкими А. Баймуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өзлериниң барлық өмирин, қәлбиндеги нурын, меҳирин балаларға берип, оларға илим-билим, өнер сырларын үйретип, халқымыздың иззет-ҳүрметине, шексиз алғысына миясар болған устазларымызды кәсиплик байрамлары менен қутлықлады ҳәм оларға өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.

Буннан соң тараў пидайыларына район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириў ағласы көкирек белгилери менен баҳалы саўғалары тапсырылды.



  

Байрам илажы йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы