«Бир ҳәрип үйреткенге қырқ жыл сәлем», деп халқымыз бийкарға айтпаған. Келешек әўладқа тәлим-тәрбия бериўде бийминнет хызметлери менен “Миллет тәрбияшысы” деген үлкен теңеўге миясар болған устазлар ҳәр қашанда ҳүрмет иззетке ылайықлы. Жас әўладтың санасына билим нурын таратыўда ҳәр бир айтқан ақыл нәсияты инсан жүрегине жол таўып, кеўил сарайына адамгершилик пазыйлетин сиңдирип барыўда устаз муғаллимлердиң хызметлери айрықша.
Ҳәр жылы 1-октябрь муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы мүнәсибети менен белгиленетуғын байрам илажлары болса, оларға көрсетилип атырған ҳүрмет ҳәм итибардың әмелдеги көриниси болып табылады.
Нөкис районы Руўхый-ағартыўшылық сарайында 1-октябрь Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.
Байрам салтанатында район ҳәкими З.Зайтов шығып сөйлеп, соңғы жылларда билимлендириў тараўында әмелге асырылған реформалар, ерисилген жетискенликлер ҳәм табыслар кеңнен атап өтилди.
Буннан соң, бир қатар алдыңғы, тәжирийбели, жоқары нәтийжелерге ерискен муғаллимлерге район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы көкирек белгилери менен баҳалы саўғалары тапсырылды.
Байрам салтанаты мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги