Усы жылдың 29-сентябрь күни Ташкент қаласында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде мәҳәлле жаслары арасында өткерилип атырған «Зәкәўат» интеллектуаллық ойынының республикалық басқышы болып өтти. Онда республикамыздан қатнасқан Қоңырат районының «Қаңлы» мәҳәллеси жаслары белсене қатнасып сыйлы  3-орынды жеңип алыўға миясар болды ҳәм олар 40 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Қуўанышлы тәрепи сонда, Қарақалпақстан Республикасы командасы «Зәкаўат» ойынлары шеңберинде биринши мәрте ТОП үшликке кириўге миясар болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги