Тахтакөпир районында 1-октябрь-Муғаллимлер ҳәм устазлар күни байрамы кең түрде белгиленип өтилди.

Районның ең пайызлы орынларының биринде өткерилген байрам кешесине район ҳәкими Жамбул Адилов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасып, мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги болған жас әўладқа тәлим-тәрбия берип, өзиниң саналы өмирин бағышлап атырған барлық муғаллимлер ҳәм устазларды кәсиплик байрамы менен қутлықлап, олардың алдағы жумысларына табыслар тиледи.

Кешеде районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған бир қатар үлгили хызметкерлерге Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң көкирек белгиси, район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.

– Мениң билимлендириў тараўында ислеген хызметлерим министрлик басшылары тәрепинен баҳаланып, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң «Халық билимлендириў пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықландым,-дейди Тахтакөпир районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директорының Жасларды ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша орынбасары – Шақырыққа шекемги басланғыш таярлық басшысы Жарылқасын Өтежанов.-Буның ушын министрлик ҳәм район басшыларына өзимниң терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Байрам илажы усы сәнеге бағышланып районлық Мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы