ӨзЛиДеП орайлық офисинде ҒМДАның сайлаўларды бақлаў миссиясы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Мийманларды қабыллаған ӨзЛиДеП сиясий кеңеси Атқарыў комитети баслығының орынбасары Д.Трефилов, ҒМДА Атқарыў комитети Миссия штабы басшысы Е.В.Козяк, ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңеси бас хаткериниң мәсләҳәтшиси С.Қараваев ҳәм ҒМДА ПА қатнасыўшы мәмлекетлерде демократияның раўажланыўы, парламентаризм ҳәм пуқаралардың сайлаў ҳуқықларына әмел етилиўин мониторинг етиў халықаралық институты эксперти С.Ткаченколарға партияның сайлаўларда қатнасыўына байланыслы процесслер ҳаққында айтып берди.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 22-сентябринен басланған сайлаў алды үгит-нәсиятлаў басқышында партия белсендилери ҳәм талабанлар тәрепинен халық арасында үгит-нәсиятлаў жумыслары қызғын әмелге асырылмақта. Бул процессте барлық партияларға теңдей шараятлар жаратылған.
Быйыл биринши мәрте аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилип атырған сайлаўлар өзгешеликлеринен келип шығып, партияның оларда қатнасыўына байланыслы жумысындағы өзгерислер мийманларда қызығыўшылық оятты.
Өз гезегинде, миссия ўәкиллери бул миссияның тийкарғы мақсетлерине тоқтап өтти.
Ушырасыў қызғын ҳәм дослық руўхында болып өтти.
М.Комилова, ӨзА