Қазақстанның Түркстан қаласында триатлон бойынша өткен Азия кубоги басқышында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары биреўден алтын ҳәм қола медальларына ийе болды.

Ҳаял-қызлар арасындағы қызғын беллесиўлер жуўмағында сайланды командамыз ағзасы Алина Ҳакимова триатлонның барлық бағдарларында өзиниң шаққанлығын ҳәм тезлигин көрсетип, алтын медальға ийе болған болса, ерлер арасындағы беллесиўлерде сайланды командамыз ағзасы Жереми Куиндос финиш сызығын үшинши болып кесип өтти.

 

Т. Рўзиев, ӨзА