Өзбекстанның Париждеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодир Ғаниев усы мәмлекет Сенатының қурамындағы «Франция-Орайлық Азия» дослық топарының баслығы Эрви Морей ҳәм Өзбекстан менен бирге ислесиўди муўапықластырыўшы Дэвид Рос пенен биринши жумысшы ушырасыў өткерди.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекеттиң қатнасығы, соның ишинде парламентлер аралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм байланысларды және де раўажландырыў перспективасы додаланды.

Э.Морей Франция Орайлық Азия мәмлекетлери менен парламент дипломатиясы тараўындағы шерикликти беккемлеўге умтылып атырғанын айтып, Өзбекстан мәмлекеттиң сыртқы сиясатында тийкарғы орынды ийелейтуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, тәреплер елимизде болып өтетуғын гезектеги парламент сайлаўы мәселесине де тоқталды.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Олий Мажлиси ҳәр еки палатасында Франция парламенти менен бирге ислесиў топарлары шөлкемлестирилген. Бирге ислесиўши мәмлекет Сенатында «Франция – Орайлық Азия» парламентлераралық топары, төменги палата – Миллий ассамблеяда «Франция-Өзбекстан» дослық топары жумыс алып бармақта.

Муҳарама Пирматова, ӨзА