Молдовада 20-октябрь күни болып өтетуғын президентлик сайлаўы мүнәсибети менен 11 талабан дизимге алынды.

Бул ҳаққында мәмлекеттиң Орайлық сайлаў комиссиясы мәлим етти.

Даўагерлер арасында әмелдеги жетекши Майя Санду, Гагаузия автоном аймақлық бирлигиниң бурынғы басшысы Ирина Влах, журналист Наталья Морал, бурынғы прокурор Виктория Фуртуне, сондай-ақ 2019-2021-жыллары бас прокурор болған Aлександр Стояногло, бурынғы мэр Ренато Усатий, бурынғы Бас министрлер Василий Тарлов, Ион Кику ҳәм басқалар бар.

Әйне ўақытта сайлаў алды үгит-нәсиятлаў даўам етпекте. Егер ҳеш бир талабан биринши турда 50 проценттен көп даўыс топлай алмаса, екинши басқыш өткериледи.

Ҳақыйқатында, сол күни президентлик сайлаўы менен бир ўақытта Молдованың Европа Аўқамына кириўи бойынша референдум өткерилиўи де мәлим етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги