Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң шөлкемлестириўи менен Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде медицина  хызметкерлери арасында  саламат турмыс қәлпин енгизиў, оларды спортқа кеңнен тартыў мақсетинде «Саламатлық турмыс тәризи ҳәмме ушын» сүрени астында спорттың шахмат, шашка, стол тенниси, мини-футбол түрлери бойынша спартакиада шөлкемлестирилди.

Спартакиаданың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Акмал Асқаров, министрдиң аналық ҳәм балалықты қорғаў ҳәм репродуктивлик саламатлық бойынша орынбасары Гаўҳар Абдисаметова, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Лизахан Байбосыновалар шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

Буннан соң спорт жарысларына старт берилип, республикамыздың медицина хызметкерлери жоқарыда аты аталған спорт түрлери бойынша өз-ара беллести ҳәм бул жарыслар жуўмағында, спорттың шашка түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси хызметкери Нурсулыў Узақбаева биринши орынды ийелеўге миясар болды. Ал, ерлер арасында болса,  Төрткүл районлық медицина бирлеспеси хызметкери Хусниддин Оразымбетовқа тең келетуғын қарсылас табылмады.

Шахмат бойынша өткерилген жарысларда Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери Мафтуна Давлетбаева ҳәм Жәҳангир Еримбетовлар жеңимпазлықты қолға киргизди.

Стол тенниси бойынша шөлкемлестирилген жарыс жуўмағында, ҳаял-қызлар арасында биринши орынды Нөкис қалалық медицина бирлеспеси хызметкери Луиза Алиева ҳәм ерлер арасында әмиўдәрьялы Абдулазиз Юлдашевлар жеңип алды.

Спорттың ең қызықлы түри есапланған футбол ойыны бойынша өткерилген жарыста, Шымбай районлық медицина бирлеспеси хызметкерлери бас сыйлықты жеңип алыўға миясар болды.

Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилердиң  дәрежели дипломлары, медальлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы