Кеше Әлий ата Нөкиске, “Тезмеджәрдем” орайы жанландырыў бөлимине алып келинди.
Әлий атаның қызы, “Арал балықшысы” газетасының редакторы Саҳибжамал Әлиевна Шаддинова ҳәзир ҚМУдың журналистика бөлими сыртқы бөлиминде 5-курсында оқып атыр. Олар ҳәзир 9-семестрин оқып атыр.
Кешениң алдыңғы күни сабақта тынышсызланып отырды: “Ағамды Мойнақтан алып киятыр” деди. Саҳибжамал 40 жаста. Еки улы бар. Шайырлық, жазыўшылық талант оған әкеси Әлий атадан өткен.
* * *
Әлий ата жолдан кейин қайтқан, себеби оны арнаўлы медавтомобильде тамшы дәрини жалғап алып келмесе, Нөкиске шекем жеткере алмайтуғын болған.
Кейин “Скорая помощь” машинасы менен қайтадан Нөкиске алып шыққан.
Кеше қызы сабаққа келди. Оны көрип, ҳәммемиз қуўанып кеттик: “Ағаң тәўир ме?”-деп сорадық жабырласып.
-Шүкир. Еле кислород пенен дем алдырып қойыпты. Кешеден баслап пүткил “Экстернный” тик аяқта тур. Келгели берли Қарақалпақстан халық шайыры, досты Халила Дәўлетназаров кетпей басында отырыпты.
Ағамның жасағысы келип, өмир ушын гүресип атыр,-деди Саҳибжамал.
* * *
Әлий ата шынжырма шынжыр киятырған балықшылар әўладынан. Ол көркем әдебиятты, көркем өнерди сүйеди, шайырлығы бар. Әкеси жолымды даўам еттиресең, дегени ушын Аралда қалған.
* * *
Сизлер де тилек тилең, досларым:
Атамыз өмирге қайтсын!
Тамара Машарипова,
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессоры.
27.09.2024. Мойнақ – Нөкис.
Қарақалпақстан хабар агентлиги