«Өзбекстан Республикасында медициналық ҳәм саламатландырыў туризмин және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилиўи Туризм комитетине жаңа ўазыйпаларды жүкледи.
Хабар етилиўинше, енди Халықаралық биргеликтеги комиссиядан (Joint Commission International) аккредитациядан өткен дәслепки 30 жеке меншик медициналық мәкемениң аккредитациядан өтиў қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи.
Усы мүнәсибет пенен Туризм комитетине бир қатар қосымша ўазыйпалар жүкленбекте. Бириншиден, Өзбекстанның шегара бажыхана постлары аймағында сырт елли пуқаралар ушын республикадағы медицина, саламатландырыў мәкемелериниң имканиятлары ҳаққында үгит-нәсиятлаў компаниялары шөлкемлестириледи.
Екиншиден, мәмлекетлик тил ҳәм шет тиллеринде медициналық ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң бирден-бир реестри қәлиплестирилип, ол турақлы түрде жаңалап барылады.
Үшиншиден, категориялы (жулдызлы) мийманханалар типиндеги санаторийлерди сертификатластырыўды шөлкемлестиреди.
Төртиншиден, арнаўлы медициналық ҳәм саламатландырыў туризми бағдарлары (маршрутлары)н ислеп шығады.
Атап өтилиўинше, 2025-жыл 1-мартқа шекем бир қатар жумыслар әмелге асырылып болыныўы керек. Атап айтқанда, қарарға муўапық, медицина мәкемелери, санаторийлер ҳәм медициналық туризм бағдарында хызмет көрсетиўши туроператорлардың хызметлериниң сапасы баҳаланып барылыўын нәзерде тутатуғын рейтингти қәлиплестириў ушын электрон платформа жаратылады.
Сондай-ақ, мәмлекетлик тил ҳәм шет тиллеринде медицина ҳәм саламатландырыў мәкемелериниң бирден-бир реестри қәлиплестириўин жуўмақлаў нәзерде тутылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги