Санкт-Петербург қаласында Евроазия ҳаял-қызлар форумы болып өткени ҳаққында хабар берген едик. Онда 126 мәмлекеттиң паламентлери басшылары, ҳүкимет басшылары ҳәм 20 дан аслам халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, бизнес, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў сыяқлы түрли тараўлардың ғайраткерлери болған 1,5 мыңнан аслам делегат қатнасты.
Форумда қатнасқан Өзбекстан Сенаты ағзасы Манзура Салимова абырайлы әнжуманға байланыслы пикирлери менен ортақласты:
– Евроазия ҳаял-қызлар форумында ҳаял-қызлар исенимин беккемлеў ҳәм глобал бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар усы бағдарда ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда ҳаял-қызлардың мәплерин және де нәтийжели тәмийинлеўге қаратылған басламаларын да алға қойды.
Форум шеңберинде шөлкемлестирилген жалпы мәжилистиң ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева баянат жасап, ҳаял-қызлардың мәплери мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени ҳәм олардың барлық тараўларда белсендилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған комплексли бағдарламаға тоқтап өтти.
Соның ишинде, кейинги 7 жыл ишинде басшылық лаўазымларында ҳаял-қызлардың саны 27 проценттен 35 процентке артқаны, парламент жумысында болса 32 процентке жеткени, бул Бирлескен Ииллетлер Шөлкеминиң усынысларына сәйкес келетуғыны атап өтилди.
Усы жылы Жәҳән банки өзиниң «Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм хуқық» есабатында Өзбекстанның гендер теңликти тәмийинлеўде ең үлкен жетискенлерге ерискени халықаралық көлемде жоқары баҳаланып, басқа да мәмлекетлерге үлги сыпатында атап өтти.
Форум шеңберинде «Узақ өмир көриў медицинасының тенденциялары» темасында өткерилген мәжилисте қатнасып, Өзбекстанда халықтың денсаўлығын сақлаў, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаўға қаратылып атырған итибар, көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат бердик.
Өзбекстанда балалар ҳәм ҳаял-қызлардың хуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў бағдарындағы жумыслар қатнасыўшылардың итибарын тартты.
Мәжилисте репродуктивлик саламатлық ҳәм балалардың саламатлығын қорғаў тараўында жоқары технологияларды енгизиў, жәрдемши репродуктивлик технологиялар, молекуляр генетика, пренатал скринингтиң инвазив емес усыллары орайларын шөлкемлестириўде бирге ислесиўди кеңейтиў басламасы алға қойылды. Әлбетте, бул әҳмийетли бағдарлар форум қатнасыўшыларында қызығыўшылық оятты ҳәм қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.
Норгул Абдураимова, ӨзА